Журтымыздан Ҳаж зыяратына барып келген пуқаралар тәрепинен өзлериниң мәҳәллелеринде «Социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў» илажларына кең қатнастырыў бойынша мәжлис өткерилди.

2022-жыл 3-август куни Тақыятас районы ҳәкимлигиниң мәжлислер  залында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қасындағы дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикаси аймақлықлық басқармасы бас қәнийгеси Н.Жамалов, Қарақалпақстан Мусылманлары қазияты қазы орынбасары Устаз Бахрамаддин дамла Разов ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қасындағы дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикаси аймақлықлық басқармасы Тақыятас районы бойынша бас қәнийгеси А.Абибуллаев басшылығында мәжлис өткерилди. 

Мәжлис кун тәртибинде журтымыздан Ҳаж зыяратына барып келген пуқаралар тәрепинен өзлериниң мәҳәллелеринде «Социаллық-руўхый орталықты турақлылығын тәмийинлеў» илажларына кең қатнастырыў бойынша тусиник жумыслары алып барылды. Мәжлисге Ҳажылар, райондағы мешитлердиң имам-хатиблери ҳәмде район аймағындағы барлық мәҳәлле пукаралар жыйыны баслықлары қатнасты.

Устаз Бахрамаддин Разов сөзге шығып усы елимизден барған Ҳаж ибадаты зыяратшылары ушын жаратылған қолайлылықлар, ҳәмде бундай уллы ибадатларды бежериў булардың ҳәммеси елимиздеги тынышлық, параўанлықтың нәтийжесинде болып атыр. Бундай уллы неъматлар ушын Аллаҳ таалаға көп-көп шүкиршилик қылыў, ҳәмде усының менен биргеликте елимиздиң жәнеде параўан, абат  болыўы ушын мешитлердиң имам-хатиблери менен Ҳажы ата ҳажы аналарда өзлериниң қолынан келгенинше ақл-насыяты, көмек жәрдемлерин берип, ҳәммемиз  аўызбиршилик пенен ҳәрекет қылыў керек екенлиги ҳаққында айтып өтти.