ПИТИР САДАҚАСЫ

ПИТИР САДАҚАСЫ
Ҳанафий мәзҳабында питир садақасы ўәжиб есапланады. Бул садақа рамазаннан «питир»ге яғный, ендиликте аўзы ашық жүриўге шығыў мүнәсибети менен берилгени ушын да питир садақасы деп аталған. Питир садақасы екинши ҳижрий жылы шариатқа киргизилген. Басқа садақалар мал-дүньядан қылынса, бул садақа адам басына қылынады.
Усы орында соған түсиник берип өтейик. Зәкат, питир, үсир – барлығы да садақаның түрлери. Зәкат ислам дини негизиниң бири болып, парыз әмел. Ал, питир ўәжиб әмел болып, рамазан айында берилетуғын садақа. Үсир болса, араб тилинде ушр деп аталып егиннен алынған зүрәәттиң оннан бирин садақа етиўге айтылады.
Питирди мал-дүньясы нысабқа жеткен адамлар бериўи лазым болады. Бунда бир жыл айланыў ҳәм өсиў шәрт қылынбаған.
Аллаҳ таала: «Ҳақыйқатта, ким зәкаты менен пәкленсе ҳәм Рәббисиниң атын зикир қылса, утысқа ериседи», деген. Касир ибн Абдуллаҳтан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан бул аят ҳаққында соралған еди. Ол: «Питир садақасы ҳаққында назыл болған», деди».
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын оразадар ушын бийҳуўда гәп-сөз ҳәм ҳәрекетлерден пәклениў ҳәм мискинлер ушын аўқат болсын, деп парыз қылды. Ким оны ҳайыт намазынан алдын қылса, ол қабыл болады. Ким оны намаздан кейин қылса, садақалардан бири болады». Бул рәўияттаға намаз дегенде Рамазан ҳайыты намазы нәзерде тутылған. Питир садақасын ҳайыт намазынан алдын бериў кереклигин усы ҳәдистен билип аламыз.
Ҳәр бир инсан Рамазан айында ораза тутар екен, арасында билип-билмей айырым бир сөзлер аўызынан шығып кеткен болыўы мүмкин, сондай-ақ айырым бир жаман ислерди де қылып қойған болыўы мүмкин, усыларды жуўып жибериў ушын да питир садақасы еңгизилген.
Питир садақасы мискинлерге бериледи, олар оны азық қылып жейди, қуўанады. Ҳайыт күни қуўанышына қуўаныш қосылады. Соның ушын да ҳәр бир журтта сол жердиң ең көп тарқалған азығынан питир берилсин, делинген. Питир садақасы еркеклерге де, ҳаялларға да, жасларға да, қартайғанларға да ўәжиб болады. Яғный, ана қарнындағы ҳәмиледен тысқары бәрше ушын.
Ҳанафий мәзҳабы бойынша мал-дүньясы нысабқа жеткенлер бериўи ўәжиб. Көпшилик уламалар мал-дүньясы нысабқа жетпегенлер де бериўи мүмкин деген. Рәўиятларда айтылыўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманында питир садақасы хурма, арпа, кишмиш, торақ ҳәм бийдайдан берилген. Бул нәрселердиң баҳасын пулға шағып, соны берсе де болады.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ муғдарында мусылманлардан қулға да, ҳүргеде, еркеккеде, ҳаялғада, кишиге де, үлкенге де парыз қылды. Оны адамлар намазға шығыўынан алдын бериўин буйырды».
Хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ ўәжиб екен. Бир «соъ» қанша болады? Негизинде «соъ» бир ыдыс болып, бийдай ҳәм соған уқсас нәрселер сол ыдыс пенен өлшенген. Кейин аўырлық өлшемлери шыққанда, оған салыстырылған.
Питир садақасын бериў ҳайыт күни таң атыўы менен ўәжиб болады. Бирақ, оны рамазан айы басланыўынан баслап берсе де болады. Ҳайыт намазынан кейинге қалмаўы керек.
Егер ҳайыт намазына шекем бере алмаса, кейин бериўи керек.
Питир садақасына хурма ҳәм арпадан бир соъдан бериледи.
Ибн Аббас: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул садақаны хурма ҳәм арпадан бир соъдан ҳәм бийдайдан ярым соъ, деген».
Бул ҳәдисте бийдайдан берилетуғын питир садақасы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи тәрепинен ярым соъ қылып белгиленгени айтылмақта. Бизлердиң мәзҳабымызда усы гәп алынған. Соъ өлшеми ҳәр бир журтта ҳәр түрли алынған. Ҳижазда ол 2400 г. ға тең болса, Ирақта 3594,24 г. ға тең. Демек питир садақасын бийдайдан беретуғын болсақ 1797,12 г берилиўи керек болады екен. Буны халқымыз бурыннан 2 кг бийдай деп қабыл еткен. Әлбетте, садақаның артықшасы тек саўапты ғана келтиреди.