РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ ҲАҚҚЫНДА

РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ ҲАҚҚЫНДА

РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ ҲАҚҚЫНДА

 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңесиниң нәўбеттеги онлайн мәжлиси болып өтти. Онда Рамазан ҳайытын көтериңки руўхта өткериўге тийисли күн тәртибиндеги бир қатар мәселелер талқыланды.

 Жыйналыста уламалар ҳәм тараў қәнигелери тәрепинен Рамазан ҳайыты қайсы күнге туўры келиўи ҳәм ҳижрий 1445-жыл Шәўўәл айы ҳилалын гүзетиў бойынша исленип атырған ислер ҳәм де астрономиялық есап-санақлар толық анализ етилди.

 Сондай-ақ, дүньядағы үлкен пәтўа басқармалары ҳәм белгили астрономия институтлары хабарлары толық көрип шығылды. Туркий мәмлекетлер диний басқармалары жуўапкерлери менен де усы мәселе кең талқыланды.

 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңеси фиқҳий қағыйдалар, астрономиялық есап-санақ ҳәм гүзетиўлерге сүйенген ҳалда усы жылда үлкемизде Рамазан ҳайыты 2024-жыл 10-апрель, сәршемби күнине туўры келиўи күтилип атырғанын мәлим етти.

   Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспа сөз хызмети

Дерек : paziylet.uz