Ҳайыт күни қандай күн?

Ҳайыт күни қандай күн?

Ҳайыт күни қандай күн?

Ҳайыт күни қандай күн?
  Шадлық ҳәм қуўанышлы күн.

Ислам әҳлине бир жылда неше ҳайыт күни бар?
  Еки ҳайыт күни бар: биреўи питир ҳайыты (Рамазан ҳайыты), екиншиси қурбан ҳайыты.

Питир ҳайытының мәниси не?
  Оразадан шығыў байрамы.

Қурбан ҳайытының мәниси не?
  Қурбанлық қылынатуғын байрам.

Питир ҳайыты қайсы күни болады?
  Рамазан айы тамам болғаннан соң шәўўәл айының биринши күни болады.

Қурбан ҳайыты қайсы күни болады?
  Зулҳижжа айының 10-күни болады.

Ҳайыт күнлери не ушын Ислам әҳлине қуўаныш болады?
  Себеби, бул күнлерди уллы көрип, мискинлерге садақа берген адамлардың, ықлас пенен тәўбе ҳәм истиғфар қылған адамлардың гүналары кеширилиўи ўәде қылынған.

Ҳайыт күнлеринде қандай ислерди қылыў сүннет болады?
  Питир ҳайыты күнинде таң атқаннан соң ҳайыт намазын оқымастан алдын питир садақасын бериў; қурбан ҳайыты күнинде таң атқаннан соң қурбан ҳайыт намазын оқығанша оразадағы адамға уқсап ҳеш нәрсе жеп-ишпестен турыў ҳәм намаздан соң қурбанлық гөши — сорпасы яки бир шийрин тағам жеў сыяқлы сүннетлер бар. Қурбан ҳайыты намазына барыўда жолда даўыс шығарып тәкбир айтыў саўаплы әмел. Ҳәр ҳайытта таң атқаннан соң ғусыл қылыў, мисўак пенен аўызды пәклеў, жақсы кийимлер кийиў, хош ийисли нәрселерди себиў, намаз оқылатуғын жерге пияда барыў, барып- қайтыўда пақыр ҳәм мискинлерге садақа бериў, ҳайыт намазына көп жәмәәт топланған ўақытта Қыямет күнин ҳәм Маҳшар күнлерди ядқа түсириў, кеўилден тәўбе ҳәм истиғфар қылыў, ҳарам ислерди араластырмай ҳайыт байрамын шадлық пенен өткизиў сыяқлы әмеллер сүннет есапланады.

"Ибадати Исламия" китабынан.