Жасларымыздың санасын бузыўға қаратылған жат идеялардан қорғаўда әдеп-икрамлылық ҳәм тәрбияның әҳмийети

Жасларымыздың санасын бузыўға қаратылған жат идеялардан қорғаўда әдеп-икрамлылық ҳәм тәрбияның әҳмийети

Жасларымыздың санасын бузыўға қаратылған жат идеялардан қорғаўда әдеп-икрамлылық ҳәм тәрбияның әҳмийети

Перзент тәрбиясы - ата-ана ушын ең зәрүрли ўазыйпалардан бири. Бул жуўапкершиликти терең сезген ата-аналар перзентлери тәрбиясына әдеп-икрамлылығына салдамлы итибар берип, ҳәр қандай шараятта да олардың тәрбиясы менен шуғылланыўға ўақыт табады.

Ҳәдислерден биринде: “Ата - ана өз перзентине гѳззал әдептен көре жақсырақ нәрсе бере алмайды”, - деп айтылған.

Себеби руўхый жақтан жетилискен перзент ата-ана хызметин етип, Ўатанына шын пидайы, кәмил инсан болып үлкейеди.

Бүгинги күнде исеними, яғный ақийдасы, көз-қарасы, ой өриси еле қәлиплесип үлгирмеген жасларымыз өзлери билмеген ҳалда натыўры идеяларға алданып, идеологиялық топылыслар тәсирине түсип қалмақта.

Сол себепли бүгинги күндеги ең актуал мәселелерден бири сап исламый ақийдамызды - исенимимизди үйрениў ҳәм үйретиў ғана, жасларымыз санасына бузық ақыйдалар, исенимлер идеялар кириўиниң алдын алады.

Өкиниш пенен айтамыз, бүгинги күнде айырым кимселер исламый илимди интернет халық аралық информация тармақларында, социаллық тармақларда, интернетте тарқалған түрли китаплар, даўыслы ҳәм сүўретли дереклерден үйрениўдиң өзи жеткиликли деп ойлайды.

Әзизлер, тек ғана интернетдеги түрли гүманлы дереклердиң, ҳәтте ең исенимли деп есапланған ҳәдис китаплары ямаса басқа да илимий китаплардың да өзи ҳақыйқый илим алыў ушын, анық исламый көз-қарасы, ой-өрисин қәлиплестириў ушын жеткиликли болмайды. Оның ушын әлбетте муғәллим, устаз керек болады.

Ийман, исеним бойынша дереклерди жаслар санасына туўры қәлиплестириў ҳәм жәмийет руўхыйлығын ҳәм де мәнаўиятты бузыўға қаратылған идеялардан қорғаў мудамы ең актуал ўазыйпалардан болып келген. Әлбетте бунда ата-аналар итибары тийкарғы орында турады.

Айырым ата-аналар бала тәрбиясында итибарсызлық қылады. Олар жеке жумыслары көше-күйдеги таныслары, материаллық ақша табыўды биринши орындағы ўазыйпалардан, ал, шаңарақ ағзаларының әдеп-икрамлылық ҳәм билимлендириў тәрбиялары менен шуғылланыўды екинши дәрежели жумыс орнына қояды.

Уллы ата-бабаларымыздан ийманлы салиҳ инсанлар, перзент тәрбиясына үлкен итибар қаратқан.

Себеби, миллеттиң раўажланыўы ямаса ҳәлсиреўи жаслардың тәрбиясына, әдеп-икрамлылығына байланыслы. Егер перзентлеримизге жақсы тәрбия берилсе, келешектиң тийкары беккем болады, инша Аллаҳ.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, өткен уллы инсанлардың жолынан жүрген ҳалда биз де келешегимиз болған перзентлеримиз тәлим-тәрбиясына, әдеп-икрамлылығына итибарлы болыўымыз керек.

Әсиресе, оларды тәрбиялаўда уллы бабаларымыздың уллы ѳмири ҳәм де жазып қалдырған мәнаўий мийраслары әҳмийетли орын тутады.

Келешек әўлад тәрбиясы барлық заманларда халқымыз алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан бири болып келген ҳәм сондай болып қалады.

Paziylet.uz дан корыу...

Яқуб Жумамуратов, Тақыятас районы «Муҳаммад Мурад ийшан» жоме мешити имам-хатиби.