Сайт ҳақында

About Image

بسم ا لله ا لرحمن ا لرحيم
وإنك لعلى خلق عظيم
(سورة القلم – ٤- آية)

Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Әлбетте, сен уллы минез-қулықтасаң!» -деп марҳамат қылған.
«Уллы минез-қулық»тың мәнилери ҳаққында түрли тәфсирлер бар. Биринши нәўбетте қулық бул жерде өзиниң негизги мәнисинде қолланылғаны мақул. Ҳәдисте Расулуллаҳ (а.с.): «Мен әдеп-икрамлылықты кәмилине жеткизиў ушын келгенмен», – деген. Ҳақыйқатында да, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам биринши дәрежедеги кәмил инсан екенлигине ҳасла шубҳа жоқ. Басқаша тәфсир қылыўшылар бул аяттағы «уллы минез-қулық»ты Қуран ямаса уллы дин, яғный ислам дини деп түсиндириўге ҳәрекет еткен.