Жума намазы

Жума намазы
«Жума» сөзи «жәм болыў, топланыў», деген мәнини аңлатады.
Аллаҳ таала мөминлерге жума намазын парыз етти: «Ҳәй мөминлер, қашан жума күнинде шақырылса, Аллаҳтың зикирне асығың, алды-саттына тәрк етиң!»
Жума намазын қала ҳәм оның жақынында жасайтуғын ҳәр бир ер адамға парызы айн саналады.
Жума мискин-бийшаралардың ҳажы есапланады.
Жума күнлери песин орнына еки рәкат жума намазын жәмәәт пенен мешитте оқыў парыз.
Жума намазын оқығанлар песин оқымайды, жума парызынан алдын ҳәм кейин төрт рәкәәттан сүннет қосылып оқылады.
Парыздан алдын имамның қәўимге қарата хутба оқыўы парыз есапланады.
Төмендегилерге жума намаз ўәжиб емес:
1. Мүсәпирге.
2. Жүре аламайтуғын кесел адамға.
3. Соқыр адамға.
4. Ҳаялларға.
5. Балағатқа жетпеген жас балаларға.
Жума оқыў ўәжиб болмаған адамлар жума оқыса, саўапты алады ҳәм олардан песин сақыт болады.
Жума оқылатуғын жерде (яғный қалада) жума күни үзрли ҳәм үзрсиз адамлар жәмәәт болып песин намаз оқыўы мәкриў болады. Үзрсиз адамның жумадан алдын песин оқыўы да мәкриў есапланады.
Имам хутба оқыў ушын минбарға шыққаннан баслап, хутба тамам болғанша сөйлеў, нәпил намаз оқыў ҳарам есапланады. Имам минбарға отырған ўақытта екинши азан айтылады ҳәм қәўим имамның хутбасын тыңлайды. Имам таҳәрат пенен тик турып еки мәрте хутба оқыйды ҳәм екеўиниң ортасында бир мүддет отырыўы лазым болады. Имам хутбаны таўысқан соң, тәкбир айтылады ҳәм қәўим менен еки рәкат жума намазын оқылады.