Жақсылыққа жасрынган жауызлық

Жақсылыққа жасрынган жауызлық

Жақсылыққа жасрынган жауызлық

     Ҳәр бир мусылман ҳәр қыйлы душпанлық, бузғыншылық, динде ҳийлеге түсиў, атап айтқанда, бир жәмийетте жасаўшы инсанлар арасына алаўызлық салыў, бузғыншы пикир ҳәм жалған идеяларды тарқатыў киби шариаттан тыс әмеллерден абайлы болыўы зәрүр. Бирақ, гүриш шигинсиз болмағанындай, дин бузғыншылары өзин ҳақыйқый мөмин-мусылман санап, инсанлар арасында алаўзлық туўдырыў, қаўасатты жүзеге келтириў ҳәмде сол арқалы өзлериниң ғәрезли мақсетлерине ерисиў ушын ҳәр қыйлы усыл ҳәм қураллардан пайдаланбақта. Солардан бири, белгили бир мәмлекетти «куфр үлкеси» деп атап, ол жерден «ҳижрат» қылыў лазым, деген идея есапланады. Ҳижрат сөзиниң негизги сөзликтеги мәниси «тәрк қылыў, таслап кетиў, өз ўатанынан басқа жерге көшиў» дегенди билдиреди. Ислам шараятында исламда дин-диянатына еркин әмел қылыў имканияты болмаған, өз елинде бес ўақыт намаз киби парыз әмеллерин орынлаў қыйын болған пайытлары мүмкиншилиги бар адамлардың басқа елге көшиўи мүмкин екенлиги айтылады. Уламалардың сөзлери бойынша, ҳижрат жоқарыда айтылғанындай, қыйын ҳалат жүзеге келгенде, яғный тийкарғы парыз әмеллерин орынлаў имканиятсыз болып қалғанда ғана әмелге асырылады.

     Ҳәзирги күни айырым террористлик шөлкем ўәкиллери «ҳижрат қылмасаң, кәпир боласаң!» деп қаўасат тарқатып, өз елинде тыныш жасап атырған мусылсманлардың кеўлине ғулғула салып, «сизлер натуўры жолдасыз» деп, оларды өз елинен кетип, гезенделерге қосылыўын ҳақыйқый ҳижрат деп түсиндириўге ҳәрекет қылмақта. Себеби, өз сапларын әскерлер менен толтырыў ушын бундай идеядан пайдаланыў оларға көбирек пайда бермекте. Соның ушын да бузғыншы шөлкем ағзалары ҳижратты өз қара мақсетлерине сәйкес рәўиште түсиндирип, мешитлерде жәмәәт пенен бес ўақыт намаз оқылып турған, мусылманлар ислам шәртлерине емин-еркин әмел қылып киятырған мәмлекетлерди де «дорул ҳарб» (урыс үлкеси) яки «дорул куфр» (куфр үлкеси) деп есаплап, ал бундай мәмлекеттен ҳижрат қылмағанлар күфрде айыпланбақта. Ҳанафийлик мәзҳабының уллы алымы Имам Сарахсий қандайда бир аймақтың «дорул ислам» есапланыўы ушын ол елде азан айтылып, намаз оқылыўы ҳәм ислам ҳүкимлери орынланыўы жеткиликли, деп айтады. Керисинше, бир аймақта өзиниң дининде қәтержам болған бир мусылман болмағанда ғана сол жердиң «дорул куфр» есапланатуғынын атап өтеди. Усы шәртлерден келип шығып айтыўымыз мүмкин, мусылманларға, сондай-ақ басқа дин ўәкиллерине де барлық шараятлар жаратылған елимизди куфрде айыплап, «дорул куфр» яки «дорул ҳарб» деп атаў улыўма натуўры есапланады. Солай екен, мусылманлар өз динлерине биймәлел әмел кылған ҳалда жасайтуғын үлке – «дорул ислам», яғный ислам дини әмел қылған елден ҳижрат қылыўы мүмкин емес. Себеби, бундай елден ҳижрат қылыў ислам динин қоллап-қуўатлаў емес, ал ислам динине қарсы гүресиў деп баҳаланады. «Ҳижраттың ең абзалы – Аллаҳ таала қайтарған нәрсени тәрк етиў» (Имам Аҳмад рәўияты), делинеди ҳәдиси шарийфлердиң биринде.

Нокис қаласы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Сойибжонов Машҳурбек