ЖАМАН ГҮМАН, КЕК САҚЛАЎ ҲӘМ КҮНЛЕЎ

ЖАМАН ГҮМАН, КЕК САҚЛАЎ ҲӘМ КҮНЛЕЎ
Бул нәрселер де жаманлықтың түрлери, жаман қулықтың коринислери қатарына киреди.
Жаман гүман - адамлар ҳаққында болар-болмасқа жаман шубҳаларға барыў. Оларға дөҳмет ҳәм қәўипсиреў мәнисинде пикир жүргизиў. Әдетте, бундай гүманлардың көбиси тийкарсыз, бийҳуўда болады.
Биз күнлеў деп аўдарған сөз араб тилинде «ҳасад» делинип, сөзликте қыршыў ҳәм сылыў мәнисин билдиреди. Себеби, ол қәлбти қыршыйды ҳәм сылады. Бизлерде бул сөз көре алмаўшылық, қызғаншақлық деп те колланылады.
Уламалар «Күнлеў - биреўге жеткен неъматқа қызғаныш пенен қараў ҳәм сол неъматтың өз ийесинен кетип, өзине жетип келиўин катты қәлеў», – дейди.