Жалған сөйлеў, жалған гуўалық бериў шарыятымызда қатты қараланған үлкен гүна!

Жалған сөйлеў, жалған гуўалық бериў шарыятымызда қатты қараланған үлкен гүна!
Жалған араб тилинде «кизб» делинеди ҳәм сөзликте «сыдқ» (рас)тыӊ керисин аӊлатады.
Уламалар жалғанды төмендегише тәрийплейди:
Журжаний «Жалған - хабар оныӊ ҳақыйқатлыққа туўры келмеўи», деген.
Ибн Ҳажар «Жалған- бир нәрсе ҳаққында билқастан болсын, билқастан болмасын, оған кери нәрсени сөйлеўи», деген.
Жалған сөзде болыўы менен бирге әмелде де болады. Онда жалған сөйлеп атырған адам болмаған нәрсени болған қылып көрсетиў ушын ҳийле қылады. Ямаса керисинше, болған нәрсени болмаған қылып көрсетиўге ҳәрекет етеди.
Жалған сөйлеў, жалған гуўалық бериў шарыятымызда қатты қараланған ҳәм бул нәрсе үлкен гүнаға теӊлестирилген. Себеби, жалған сөйлеў менен бир инсанныӊ абыройына, ар намысына зыян жетиўи мүмкин. Айрым адамлар өзара сөйлесген ўақтында усы жаман иллетке тийисли болған, мысалы жала жабыў, шағымшылық қылыў, ямаса адамларды күлдириў ушын жалған тоқыў, көрмеген түсин көрдим, деп басқаларға айтыў, перзентлерине бир нәрсе алып беремен деп алдаў, еситкен гәплерин сорастырмай тарқатыў, жалған ант пенен басқалардыӊ бир нәрсесин өзлестирип алыў ҳәм тағы басқада усыған уқсас ҳәммеси еӊ қәўипли, жаман иллетлер есапланады. Аллаҳ таала Қураны кәриймде Маида сүреси 10-аятында: «Ал, күпир келтиргенлер ҳәм аятларымызды жалғанға шығарғанлар, әне солар – дозақ ийелери!” деп жалғанныӊ аўыр гүна ҳәм ақыретте оған берилетуғын жазасы да аўыр екенин еслетип өткен. Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ва саллам өзиниӊ мүбәрек ҳәдийси шәрифлеринде:
Абдуллаҳтан раўыят қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ва саллам: «Сизлер расгөйликти лазым тутыӊ. Себеби, расгөйлик жақсылыққа баслайды. Ал, жақсылық жәннетке баслайды. Адам расгөйликте даўамлы болса, Аллаҳтыӊ алдында «сыддықлардан» деп жазылады.
Сизлер жалғаннан узақ болыӊ. Себеби, жалған бузықлыққа баслайды. Ал, бузықлық дозаққа баслайды. Адам жалған сөйлей берсе, Аллаҳтыӊ алдында «гәззаплардан» деп жазылады», -деди».
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ва саллам бул ҳәдиси шәрийфинде расгөйлик ҳәм жалғаншылықты салыстырып баян етпекте. Жәннетий боламан, деген адам расгөй болыўы керек екен. Расгөйлик инсанды жақсылыққа, жақсылық болса жәннетке баслайды.
Ал жалған сөйлеў ямаса жалған ислетиў инсанды бузықлыққа баслайтуғын екен. Бузықлық болса ақыр-ақыбет бендениӊ дозаққа кириўине себеп болатуғын әмеллерден бирине айланады екен.
Мөмин бенде жалғанға жақын келмеўи, барқулла өзине расгөйликти лазым тутып жүриўи шәрт!
Яқуб Жумамуратов,
Тақыятас районы «Муҳаммад Мурад ийшан» жаме мешити имам-хатиби