ЗӘКАТ КИМЛЕРГЕ БЕРИЛЕДИ

ЗӘКАТ КИМЛЕРГЕ БЕРИЛЕДИ

ЗӘКАТ КИМЛЕРГЕ БЕРИЛЕДИ

Ислам шәриятында зәкат төменде көрсетилген топарларға бериледи:

     1. Кәмбағалларға, яғный малы нысабқа жетпегенлерге. 

     2. Мискинлерге, яғный ҳеш нәрсесиз қыйналып қалғанларға. 

     3. Зәкат жыйнаўшыларға. (Ески дәўирлерде зәкат жыйнап жүриўши арнаўлы жумысшылар болған)

     4. Азат болыў ушын ийеси менен шәртнама дүзген қулларға. (Бундай топар адамлар бүгинги күнде жоқ) 

     5. Муаллафатул-қулубқа, яғный кеўили Исламға жақын болып турған мусылман болмаған адамларға. (Ҳәзирги күнде бул топарға зәкат бериў ҳаққындағы ҳүким бийкар етилген). 

     6. Қарыздарларға, яғный мал-мүлкинен көре қарызы көплерге. 

     7. Аллаҳ жолындағыларға, яғный ҳаж жолында, илим талабында жүргенлерге. 

     8. Жолда қалып қойған мусәпирлерге, мәмлекетлерине жетип алатуғун муғдарда зәкат бериледи. 

    Ата-апа, әке-ана, перзентлерге, байларға зәкат берилмейди. Күйеўи ҳаялына яки ҳаялы күйеўине зәкат бериўи мүмкин емес. Бирақ, аға-ини, әжапа-сиңли,әкениң туўысқанлары, ананың туўысқанлары сыяқлы ағайынлерге зәкат бериўге болады.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Телеграм каналымыз: @adep_uz

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

 Telegram  | Instagram  | Facebook  | YouTube