ХОЖЕЛИДЕ ҮШИНШИ МЕШИТТИҢ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ

ХОЖЕЛИДЕ ҮШИНШИ МЕШИТТИҢ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ

ХОЖЕЛИДЕ ҮШИНШИ МЕШИТТИҢ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ

Аллаҳға шүкирлер болсын елимизде мешитлер саны кѳбеймекте, олар күннен-күнге абаданластырылмақта. Кѳплеген мешитлер заманагѳй үлгиде ремонтланып, шырайлы ҳǝм қолай кѳриниске келтирилмекте. Халқымыз бундай жоме мешитлерде еркин ибадатларын етип атырғанынан қуўанышлы. Бундай қайырлы ислер диний қǝдириятларымызға болған үлкен итибардың нǝтийжеси. Мешитлерди абаданластырыў ҳǝм оларды қайта оңлаў үлкен саўаплы ǝмеллерден. Мине усындай қурылыс ҳǝм абаданластырыў ислериниң даўамы сыпатында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты басламасы менен Хожели районы ҳǝкимиятының қарарына тийкарланып, районның «Сарышүнгүл» аўыл пуқаралары жыйыны аймағынан қурылыс ушын жер ажыратылып, қурылыс жумыслары басланды.

28-июль күни усы жаңа мешиттиң имаратын қурыў бойынша қазық қағыў мǝресими болды. Онда Хожели районы ҳǝкими Ж.Ермашов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Хожели районы бас имамы И.Шерниязов, имам-хатиблер, аўыл ақсақаллары ҳǝм мǝҳǝлле турғынлары қатнасты.

Ҳақыйқаттан да, мешитлердиң абат болыўы, елимиз абатлығы. Мешитке ибадат ушын келгенлер Аллаҳ тааладан Ўатан тынышлығын сорап дуўа етеди. Бул дуўалардың шарапаты менен Жаратқан журтымызды жǝне де пǝраўан ҳǝм зыяда етип береди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

www.paziylet.uz