Хош хабар: УМРА РEЙСЛЕРИ БИР ҲӘПТЕДЕ 16 МӘРТЕ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛАДЫ

Хош хабар: УМРА РEЙСЛЕРИ БИР ҲӘПТЕДЕ 16 МӘРТЕ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛАДЫ
Аллаҳға шүкир, халқымыздың талап ҳǝм мүрǝжǝǝтлерин инабатқа алған ҳалда
Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы, Дин ислери бойынша комитет ҳǝм бир
қатар бирге ислесиўши шѳлкемлер тǝрепинен Умра зияраты сапары ушын
рейсларди асырыў бойынша ǝмелий илажлар кѳрилип, жақсы нǝтийжелерге
ерисип келинбекте.
Мине сондай ислердиң ажыралмас даўамы ретинде,
усы жылдың 10-февральынан баслап, мүбǝрек жерге умра ҳажы зияраты
ибадатлары ушын рейслер ǝмелдеги мǝўсимниң алдында белгиленген жойбарға
муўапық, ҳǝптениң ҳǝр шийшенби ҳǝм шемби күнлери 3 мǝрте, қалған 5
күнинде 2 мǝртеден рейс жолға қойылды. Сонда бир ҳǝпте даўамында жǝми 16
мǝрте авиапǝрўаз ǝмелге асырылады.
Атап ѳтиў керек, умра зияраты
сапарына барып келген жерлеслеримиз мүбǝрек зыяратқа барыў жолға
қойылғаны, таяр етилген шараят ҳǝм хизмет кѳрсетиў сыпатының
жоқарылығынан жүдǝ миннетдар болып атыр. Оның ушын Ҳақ таалаға
шүкирликлер айтпақта. Мǝмлекетимиз Басшысы ҳǝм бул саўаплы иске себепши
болғанлар ҳаққына ийгиликли дуўалар етип, журтымыздың тынышлығы ҳǝм
халқымыз пǝраўанлығын сорап дуўалар етпекте.
Мине усы шүкиршилик
ҳǝм дуўалардың шарапаты менен журтымызда қуўанышлар даўамлы болып атыр.
Аллаҳ таала несийбелерин буннан да зыяда етсин!
#УМРА 2022
Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасѳз хызмети
https://www.paziylet.uz/janaliq/f383837d18c84613bd13