ТАРАЎ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИН КӘСИПЛИК БАЙРАМЫ МЕНЕН ҚУТЛЫҚЛАДЫ

ТАРАЎ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИН КӘСИПЛИК БАЙРАМЫ МЕНЕН ҚУТЛЫҚЛАДЫ
Бүгин, 27-июнь – «Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен имам-хатиблер қатнасында ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов диний-ағартыўшылық тараўдағы жаңалық ҳәм жетискенликлерди ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы халыққа тез ҳәм сапалы жеткериўде мийнет етип атырған тараў хызметкерлерин «27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен қутлықлады.
Оларға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирип, байрам мүнәсибети менен естелик саўғалар берилди ҳәм алдағы жумысларында табыслар тиледи.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.