Таңда ҳәм шамда айтылатуғын дуўа

Таңда ҳәм шамда айтылатуғын дуўа
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның қызынан рәўият етиледи. Пайғамбарымыз алайҳиссалам қызына таң атқанда:
"Субҳааналлооҳи ўә биҳамдиҳ, ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳ,
мәә шәә аллооҳу кәәнә ўә мәә ләм йәшәъ ләм йәкун. Аьләму әнналлооҳә аләә
кулли шәйъин қодийр. Ўә әнналлооҳә аҳаато бикулли шәйъин алиймәә", деп
айтыўды үйретер еди.
Бул кәлималарды таң атқанда айтқан адам кеш киргенше қорғалады. Кеш киргенде айтса, таң атқанша қорғалады.
Мәниси: Аллаҳға ҳамд айтыў менен Оны пәклеп еслеймен. Ҳеш бир қуўат жоқ
тек ғана Аллаҳ таала менен болады. Аллаҳтың қәлеген нәрсеси болады.
Аллаҳтың қәлемеген нәрсеси болмайды. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге қәдир екенин
ҳәм ҳәмме нәрсени илим менен орап алғанын билемен.