Шаңарақ — муқǝддес дǝргай

Шаңарақ — муқǝддес дǝргай

Шаңарақ — муқǝддес дǝргай

Шаңарақ мүқаддес дǝргай ҳǝм оны беккемлеўши ǝмел болса, бул-неке болып табылады. Неке инсанлар жǝмийетинде ең муқǝддес питим есапланады. Себеби турмыста ҳадал ҳǝм ҳарамды ажыратыў, ер-ҳаялдың ҳақ-ҳуқықларына ǝмел етиў, шаңарақ дүзиў, инсан нǝслиниң даўам етиў ўақтын тǝмийинлеў, жас ǝўлад тǝрбиясы сыяқлы зǝрүрли мǝселелердиң барлығы шаръий некеге байланыслы. Сол себепли муқаддес Ислам динимиз неке тийкарында шаңарақ қурыўға айрықша итибар қаратқан. Аллаҳ тааланың ер-ҳаял жуплығын жаратыўдағы ерки де инсан нǝслин кѳбейттирип, жер жүзин абад етиў еди: “Аллаҳ сизлер ушын өзиңизден жубайлар жаратып, жубайыңыздан сизлер ушын балалар ҳәм ақлықларды (пайда) қылды ҳәм сизлерди пәк ырысқы пенен ырысқыландырды...” (Наҳл сүреси 72-аят).
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бир ҳǝдисинде: “Неке мениң сүннетим, ким сүннетимнен жүз бурса, ол меннен емес” (яғный үмметим емес), деген.

Солай екен, неке тийкарында турмыс қурыў Аллаҳтың буйрығы, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның сүннети екен, мусылман адам неке тийкарында шаңарақ қурыўды, ҳǝр қыйлы себеплерди сылтаў етип, кешиктирмеўи керек. Неке себепли инсан, ата-тегиниң пǝклигин сақлайды, минез-қулықтың тазалығын ар-намысын асырайды, бузықлық, бузықшылық сыяқлы ҳарам ислерден тыйылады.
Абдуллаҳ ибн Масъуддан (разияллаҳу анҳу) рǝўият етиледи. Расулуллаҳ (саллаллаҳу алайҳи ўасаллам): “Ҳǝй жаслар жǝмǝǝти, сизлерден ким некеге ылайық болса, үйленсин, себеби бул кѳздиң тыйылыўы ҳǝм фарждың пǝклиги болып табылады. Ким буған ылайық болмаса, онда ораза тутсын, себеби буның менен шаҳўат сѳндириледи”, деди (Имам Бухарый ҳǝм Имам Муслим рǝўиятлары).
Ислам тǝлийматына кѳре, шаңарақ Жаратқанның разылығын табыў, Пайғамбарымыз (алаҳисалам) этикалары, исламый ǝдеп пенен зийнетлениў мақсетинде қурылады. Аллаҳ таала сол себепли ер ҳǝм ҳаялдың шаңарақ қурып, кѳбейиўи ушын оларға аўызбиршиликте, татыўлықта бир-бирине меҳрийбанлық кѳрсетип ѳмир кешириўди буйырған. Шаңарақтың татыўлығы бир адамға ямаса бир себепке байланыслы емес. Оның ушын ҳǝмме келин-күйеў де, ата-аналары да, шаңарақ сыртындағы жақын инсанлар да, ҳǝтте кең жǝмийетшилик те теңдей жан күйдирмесе, гѳзленген мақсетке ерисип болмайды.

Тақыятас районы "Муҳаммад Мурад ийшан" жаме мешити имам-хатиби Яқуб Жумамуратов