Сайтымыз бүгиннен өз жумыс искерлигин баслады

Сайтымыз бүгиннен өз жумыс искерлигин баслады
بسم الله الرحمن الرحيم
السلام عليكم ورحمة الله وبركاته
Аллаҳ
таалаға өзиниӊ уллылығына мунәсип ҳамду сәналар болсын. Нәбийлердиӊ
абзалы Муҳаммад Мустафаға кәмил ҳәм толық салаўат ҳәм де сәлемлер
болсын. Аллаҳ таала жаратқан бенделериниӊ ишинде ислам умметин,
әдеп-икрамлылық пенен зийнетлеген. Аллаҳ таала өзиниӊ суйикли елшиси,
әдеп-икрамлылығы, минез-қулқы менен умметлерине улги қылған Нәбиййимиз,
Саййидимиз Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўасалламға
қарата хитап қылып, өзиниӊ каламы Қураны Кәриймниӊ Қолам суресинде:
Әлбетте, сен уллы минез-қулықтасаң! -деп марҳамат қылған.
«Уллы
минез-қулық»тың мәнилери ҳаққында түрли тәфсирлер бар. Биринши нәўбетте
қулық бул жерде өзиниң негизги мәнисинде қолланылғаны мақул. Ҳәдисте
Расулуллаҳ (а.с.) : «Мен әдеп-икрамлылықты кәмилине жеткизиў ушын
келгенмен», – деген. Ҳақыйқатында да, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа
саллам биринши дәрежедеги кәмил инсан екенлигине ҳасла шубҳа жоқ.
Басқаша
тәфсир қылыўшылар бул аяттағы «уллы минез-қулық»ты Қуран ямаса уллы
дин, яғный ислам дини деп түсиндириўге ҳәрекет еткен.
Сөзимиздиӊ
басламасында жоқарыда келтирилген уллы минез қулық ҳаққында аят ҳәм
ҳәдисти келтиргенимиздиӊ себеби, Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас
районы Муҳаммад Мурад ийшан жамаатлик мешитимиздиӊ интернетде расмий
Adep.uz веб сайты ҳәм оныӊ телеграмда
рәсмий https://t.me/adep_uz
каналы ис баслады. Бул сайттыӊ атын Adep.uz деп қойғанымыздыӊ себеби,
мусылман адам Аллаҳ таала ҳәм Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу
алайҳи ўасалламныӊ муҳаббатына жақсы әмеллери ҳәм гоззал әдеби менен
ериседи. Әдеплерине әмел қылыў адамныӊ өзи ушын пайдалы болғанындай,
мусылманныӊ қәдири әдебиниӊ гоззаллығы менен өлшенеди. Әдеп сөзине
тусиндирме сөзликлерде ийбе, киши пейиллик, уят, ҳурмет-иззет, жақсы
тарбия, жақсы қулық деп тәрийплер берилген екен.
Ҳәммемизге
мәлим, муқәддес китапларымыз ҳәм миллий қадриятларымыз, уллы
алымларымыз, ойшыларымыздыӊ мийрасы дерлик әдеп-икрамлылыққа
бағышланған. Олардыӊ мийраслары әўладлардан-әўладларға жетип келип, жас
өсип киятырған перзентлеримизди әдеп-икрамлы, кәмил инсан қылып
тарбиялап, еки дуняда да бахытлы саадатлы инсан болып жетилисиўине
себепши болади. Аллаҳ таала өзиниӊ суйикли елшиси, әдеп-икрамлылығы,
минез-қулқы менен умметлерине улги қылған, Нәбиййимиз, Саййидимиз
Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўасалламға тусирилген
Илаҳий каламы уллы Қураны Кәрийм, та- қияметке шекем инсанларды
ҳидаятқа, ҳақ туўры жолға баслап турады. Халқымыз әзелден, перзентлерин,
жас әўлатты әдеп-икрамлылық, жақсы қулықлы қылып тарбиялаўда еӊ әўўели,
Раббимиз Аллаҳ тааланыӊ каламы Қураны Кәрийм ҳәм Пайғамбарымыз Муҳаммад
Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўасалламныӊ мубәрек ҳәдийси шәрифлерине әмел
қылып жасаған. Буныӊ себеби, Айша разыяллаҳу анҳадан Пайғамбарымыз
Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасалламныӊ қулқы ҳаққында соралғанында:
«Оныӊ қулқы Қуран еди», деп жуўап берген. Имам Қатода Айша анамыздыӊ бул
сөзлерине кеӊирек тусиник берип былай шолыйды. «Оныӊ қулқы Қуран
дегенинен мурат Қуранда келтирилген бәрше гоззал қулықлар онда бар еди»,
дегени.
Аллаҳ таала ҳар биримизди гоззал қулықлар менен
сыпатланып жасаўмызды несип етсин, ҳәмде мешитимиздиӊ интернетде ис
баслап атырған расмий Adep.uz веб сайты ҳәм оныӊ телеграмда
рәсмий
https://t.me/adep_uz каналы халқымыз ушын, елимиз мөмин-мусылманлары
ушын пайдалы сайтлардан болсын деймиз. Соныӊ менен бирге сиз әзизлерден
усы сайт ҳәм телеграм каналды ашып, жүргизилиўинде өз үлесин қосып
атырған жәмаатимиз ҳәмде алдымызға нийет етип қойған ислеримизди әмелге
асырыўмызда бизлердиң ҳаққымызға қайырлы дуўада болыўыӊызды шексиз
ҳурмет менен сорап қаламан.
Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районы Муҳаммад Мурад ийшан жаме мешити имам-хатиби Яқуб Жумамуратов