РАМАЗАН АЙЫ 23-МАРТТАН БАСЛАНАДЫ

РАМАЗАН АЙЫ 23-МАРТТАН БАСЛАНАДЫ
«Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған көре, 2023-жылғы Рамазан айының басланыўы 23-март сәнесине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының мағлыўматы дерек сыпатында қабыл қылынды.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңеси тәрепинен Ислам дини дереклери ҳәм астрономиялық мағлыўматларға сүйенген ҳалда 2023-жылда Рамазан айының биринши күни усы жылдың 23-март, пийшемби күнине туўра келиўи ҳаққында жуўмақ шығарылған.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспа сөз хызмети