ҚУРАНДА КЕЛГЕН ГӨЗЗАЛ ДУЎАЛАР

ҚУРАНДА КЕЛГЕН ГӨЗЗАЛ ДУЎАЛАР

ҚУРАНДА КЕЛГЕН ГӨЗЗАЛ ДУЎАЛАР

«Я Рәббимиз, бизлерди туўры жолға салғаныңнан кейин кеўиллеримизди (сол туўры жолдан) аўдырма»
(Әли Имрон сүреси, 8-аят).

«Я Рәббимиз, бизлерге тақатымыз жетпейтуғын нәрсени жүклеме!»
(Бақара сүреси, 286-аят).

«Я Рәббимиз! Саған ғана тәўекел еттик, Саған ғана қайттық ҳәм қайтып баратуғын жер де тек Өзиңниң алдыңда»
(Мумтаҳана сүреси, 4-аят).

«Я Рәббимиз! Өзиң бизлерге нурымызды кәмил етип бер, гүналарымызды кешир, әлбетте, Сен ҳәмме нәрсеге қәдирсең»
(Таҳрим сүреси, 8-аят).

«Рәббимиз, бизлерге сабыр-тақат бер, қәдемлеримизди беккем қыл»
(Бақара сүреси, 250-аят).

«Рәббимиз, әлбетте, бизлер ийман келтирдик, бизлердиң гүналарымызды кешир ҳәм дозақ азабынан сақла»
(Әли Имрон сүреси, 16-аят).

«Я Рәббимиз! Бизлер (өзиңе ғана) ийман келтирдик. Енди Бизлерди кешир ҳәм бизлерге рейим қыл! Сен рейим қылыўшылардың жақсысысаң»
(Муъминун сүреси, 109-аят).