Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Қанлыкөл районындағы «Атажан хожа» жоме мешитинде Жума намазын оқыды

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Қанлыкөл районындағы «Атажан хожа» жоме мешитинде Жума намазын оқыды

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Қанлыкөл районындағы «Атажан хожа» жоме мешитинде Жума намазын оқыды

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разовтың нәўбеттеги хызмет сапары Қанлыкөл районында болды.

Сапардан мақсет мешитлердеги жаратылған шараятлар, әтирапындағы тазалық, абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысыў. Қазы райондағы «Атажан хожа» жоме мешитинде жәмәәт пенен ушырасып, «Жаслар тәрбиясы – үлкен жуўапкершилик» темасында баянат жасады. Баянаты даўамында «Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады» деген идея тийкарында соңғы жылларда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде киши жастағы балаларды мектепке шекемги тәлим менен қамырап алыў дәрежеси бир нешше дәрежеге артқаны, халық билимлендириў системасында Президент ҳәм дөретиўшилик мектеплери, математика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша арнаўлы мектеплердиң шөлкемлестирилгени, заманагөй профиссионал билимлендириў системасы қәлиплескени ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, ата-аналар, устазлар ҳәм жәмийет биргеликте жаслардың руўхый, илимий ҳәм физикалық раўажланыўына итибат қаратыў, оларды илим алыўға бағдарлаў ҳәм оның пазийлети, елимиздеги тынышлық, қәтержамлық ҳәм пәрәўанлықтың қәдирине жетиў, бүгинги күнде миссионерлик ҳәрекетлерине қарсы гүресиў ҳәм оның жаман ақыбетлери» ҳаққында да аят ҳәм ҳәдийлерден мысаллар келтирип айтып ѳтти. 

Жәмәәт пенен ушырасар екен, елимиздеги ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге ѳзлеримиздиң үлесимизди қосыў, жаслар тәрбиясы, перзенлеримизге илим үйретиў, ҳадал кәсип ийелеўге қызықтырыўымыз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти. Жума намазынан соң елимиздиң тынышлығы, қәтержамлығы ушын дуўалар қылды.


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.