ҚӘДИР ТҮНИ РАМАЗАННЫҢ АҚЫРҒЫ ОН ТҮНИНДЕ

ҚӘДИР ТҮНИ РАМАЗАННЫҢ АҚЫРҒЫ ОН ТҮНИНДЕ
#Рамазон -1443-2022
Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан (ақырғы) онлық кирсе, белди беккем байлап, түнди тирилтер ҳәм ҳаялларын оятар еди" - деди.
Шолыў: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Рамазанның ақырғы он күнлигинде белди беккем байлап, түнди ибадатта өткизиўи, ҳаялларын да оятып, ибадатқа шақырыўы, сол түнлердиң пәзийлети уллылығынан, олардың ишинде Қәдир түни барлығынан.
Бизлер де сүйикли Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан өрнек алып, бул түнлерде ықлас пенен ибадат қылыўымыз, ҳаял ҳәм жақынларымызды да Рамазанның ақырғы он түни ибадатына шақырып, оларды да жақсылық ҳәм саўаптан бос қалмаўына ҳәрекет қылыўымыз керек.
📚📚📚
"Ҳәдис ҳәм Турмыс" китабынан
Мешитимиздиң рәсмий телеграм каналы: @adep_uz
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇