Қәбирстанды зыярат қылыў ҳәм оныӊ әдеплери ҳаққында

Динимизде инсан тири ўақтында қандай ҳүрмет қылынса, ал ол бул дүньядан өткеннен кейин де сол дәрежеде ҳүрмет пенен мәмиле қылынады. Егерде ол инсан тири ўақтында Аллаҳ таалаға ийман келтирип мусылман ҳалында жасап өтип қайтыс болса, онда ол марҳумдыӊ ҳаққына изинде қалған жақын инсанлары Қураны Кәрийм аятларын оқып, оныӊ саўапларын маййитке бахш етиў, оныӊ атыннан садақалар қылыў, дуўа-патиялар қылыў киби рухына саўап барып туратуғын ислерди әмелге асырылады.
Бәршемизге мәлим, ана ўатанымызда қаншадан-қанша уллы алымлар, әзиз-әўлийелер, қарыйлар, ийшан-ахунлар, данышпанлар, муҳаддислер, муфассирлер, фақиҳлар жасап өткен. Ҳәр бир мөмин мусылман адам усы инсанлардыӊ мақбараларын, өзиниӊ жақынларыныӊ қәбирин зыярат етип, саўап табыўды үмит етеди. Себеби, қәбир зыяраты мустаҳаб, ҳәттеки сүннет болған саўаплы әмеллерден есапланады.
Бирақ, қәбиристанларды зыярат етиў қағыйдалары ҳәм әдеплери бар.
Ислам дини пайда болған ўақытлары Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салам қәбирлерди зыярат қылыўдан қайтарған еди. Себеби сол дәўирде адамлар қәбирлерге барып айланып, динимизге жат ислерди ислер еди. Кейин адамлар динниӊ не екенин түсингеннен кейин Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салам қәбирлерди зыярат қылыўға руқсат берген. Имам Термизий раўыят қылған ҳәдисте: «Ҳей үммет қәбирлерди зыярат қылыӊ. Қәбир зыяраты сизлерге ақыретти еслетеди», делинген. Демек, қәбирлерди зыярат қылыў Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саламдыӊ сүннет әмеллеринен екен.
Зыярат етпекши болған адам алдын жуўынып, яғный таҳарат алып, зыярат қағыйдаларын бир қатар еслеп алыўы зәрүр. Егер шаңарақ ағзалары менен баратуғын болса, онда бала-шағасына зыяратқа барыў, ол жерде жүриў әдеплери, дурыс кийинип барыў әдеплерин үйретиўи лазым. Өзи де барғаннан кейин қайсы аятты оқымақшы болса, бир қатар тәкирар етип, кимлерге дуўа етиўин бир еслеп алғаны мақул.
Қәбирстанға киргенде не ислениўи керек екенлиги ҳаққында мына ҳәдисте айтылған.
Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қәбирстанды зыярат қылыўға барғанда былай деген:
«Әссәләму алайкум, бул дыярдыӊ мөминлери ҳәм мусылманлары, (қәбирстан әҳли, сизлерге сәлем болсын). Иншааллаҳ, (Қуда қәлесе) бизлер де сизлерге келип қосылармыз. Өзимизге ҳәм сизге Аллаҳ тааладан тынышлық-аманлық тилеймен».

Ҳәр қандай қәбиристан қасынан өткенде, сәлем берип өтиў жақсы.
Зыярат қылыўға ҳәптениӊ қайсы күни барсада болады. Бырақ, дереклерде «Қәбиристанға зыярат ушын пийшемби ҳәм жума күнлери барыў жақсырақ»деген. Қәбиристанға таҳарат алып, әдеп ҳәм ҳүрмет-иззет пенен барылады».
Зыяратқа бармақшы адам шын ықлас пенен дуўаға бәнт болады, өлимнен ибрат алып, марҳумлар ҳаққына Қуран тилаўат қылады. Буннан марҳумлар пайда алады.
Қәбирстанға кирип марҳумларға аяқ ушы тәрепинен сәлем бериледи ҳәм сәлем бергеннен кейин, илажы барынша мәййитке жақын барып, қубладан арқаға қарап отырып, яғный марҳумдың оң тәрепинен барып қабрдеги маййитге қарап отырып, Қураны кәрийм аятларынан тилаўат қылып, дуўа оқылады. Жақын барыўдың илажы болмаса, мүмкиншилиги болған жерден дуўа қылынады.
Қәбиристанды зыяратлағанда әдеп пенен салдамлы, яғный әстелик пенен жүриледи. Бийкарға ҳәмде бәлент даўыс пенен сөйлесилмейди. Зәрүр болса, керекли сөзлерди әстен ҳәм әдеп пенен айтады. Қәбиристанда тап тири адамлар арасында жүргендей ҳүрмет ҳәм әдеп пенен жүриледи, ҳеш бир қәбирди баспайды. Өзиде бир күн келип, олар киби қабирстанға жерлениўи ҳәм қәбирге киргеннен кейин болатуғын сораў-жуўапларды, қыямет күнин, жәннет ҳәм дозақты ядқа алып, тереӊ ой менен әндийше қылады.
Садақа ҳәм қайыр-сақаўат етип, саўабын марҳумға бағышлап, оныӊ ҳаққына дуўа қылынады. Өлилер тирилердиӊ дуўаларына мүтәж. Соныӊ ушын да өлилерге Қуран тилаўат қылып, ҳасыл болған саўапларын марҳумға бағышлаўы керек. Имам ат-Таҳаўий раҳимаҳуллаҳ өзиниӊ «Ақийдатут Таҳаўийя» китабында былай дейди: «Тирилердиӊ дуўаларынан ҳәм садақаларынан өлилер ушын саўаплар бар», деп келтирилген. Жумҳур уламалары марҳумныӊ ҳақына Қуран қираатынан кейин дуўа қылған абзал, себеби қирәәттен кейин қылынған дуўа қабыл қылыныўы ўәде қылынған, марҳумға дуўа пайда бериўи ҳаққында ҳеш кимде гүман жоқ, дейди.
Егерде бир адам қәбирстанға перзентлеринде алып барса, онда барған ўақтында перзентлериниң әдеп пенен жүриўин бақлап барыўы керек. Бул ислер шаңарақ баслығының ўазыйпасы есапланады.

Яқуб Жумамуратов,
Тақыятас районы «Муҳаммад Мурад ийшан» жаме мешити имам-хатиби