ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!

ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!

ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!

Ҳәзирги ўақытта халқымыз арасында палкерлик, дуўаханлық, сыйқыр менен шуғылланып атырғанлар ҳәм оларға мүрәжат етип атырғанлар көплеп ушыраспақта. Тилекке қарсы, олардың арасында динди нықап қылып алған «мақсым аға» атанғанлары да бар. Олар негизинде адамларды емес, өзлерин алдап атыр, нәпсиниң қулына айланып, ийманын сатпақта.

Бундайлар тек диннен шығып, Аллаҳ таалаға гүнакар болып ғана қалмай, ғайыпты билемен, деген даўагерлиги, жалған хабарлары менен адамлар арасына иритки салады, жақынларды бир-биринен айырады, бахытсыз өмир кешириўине себеп болады.
Өкинишлиси, палкерлердиң сөзи менен еки қоңсы бир-бирине душпан, перзент әкеге қарсы, қәйинене-келин, ерли-зайыплар, ҳәттеки туўысқанлар бир-бири менен жүз көрмес болып кетиў ҳалатлары ушыраспақта. Нәтийжеде, қаншадан-қанша шаңарақлардың аўызбиршилигине, тынышлығына зыян жетпекте.
Өзин ийман-итиқадлы есаплаған ҳәр бир мусылман палкерге ҳеш қашан жақынламаўы керек.
Палкердиң жуўабын тастыйықламаған ҳалда сораў бериў де ҳарам. Себеби, палкерликтиң негизи жалғаннан ибарат. Имам Муслим ҳәм Аҳмад рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким палкерге келип, оннан қандайда бир нәрсе ҳаққында сораса, оның намазы қырық күнге шекем қабыл болмайды», – деди.
Ҳақыйқый мөмин ушын қырық күнлик емес, бир мезгил намазының қабыл болмай қалыўының өзи үлкен мүсийбет есапланады. Бул мүсийбет тек ғана палкерге барып, оннан бир нәрсе ҳаққында сораўдың жазасы. Оның айтқанына исене ме, жоқ па, бул – екинши мәселе.

Имам Аҳмадтың рәўиятында:«Ким палкерге яки порханға келип, оның айтқанын тастыйықласа, ҳақыйқатында да, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға нәзил болған нәрсеге күпир келтирипти», – делинген.

Яғный, ким палкерге барып, оған исенсе, оның айтқанын тастыйықласа, күпирге кеткен болады, диннен шыққан есапланады. Аллаҳ сақласын!

Аллаҳ таалаға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген бенде ҳәр бир исте Пәрўардигарының разылығын табыўға тырысады. Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳәм де саҳабаи кирамлардың нәсиятларына ереди. Жақсылардан мәсләҳәт алып, жалатай, жалған сөйлейтуғынлардан узақласады. Буның менен өзин ҳақ жолдан адасыўдан сақлайды.

Палкерлер наўқаслыққа шатылып келгенлерге де түрли болар-болмас сөзлерди айтып, жин тийгени, напәк жерди басып алғаны, биреў оған ырым қылып, дуўа оқытқаны, бир нәрселер ислегени себепли кесел болғанын уқтырыўға ҳәрекет етеди. Ал, бүгинги күнде де сондай адамлардың өз дәртине шыпа излеп шыпакерлерге емес, ал палкер, дуўахан, порхан ҳәм қәлпеки тәўиплерге барып атырғаны өкинишли жағдай.

Ислам дини бундай ислерге қарсы аяўсыз урыс ашқан. Динимиз наўқасланған инсанларды ҳақыйқый тәўиплерге, шыпакерлерге барыўға шақырыў менен бирге, оларды түрли палкер, порхан, дуўахан ҳәм көз бояўшыларға барыўдан, олардың гәплерине исениўден қайтарады.

Гейде адамлардың, «палкерлердиң айтқанларының базылары дурыс шығады-ғо», деген гәплерин еситип қаламыз. Ҳақыйқатында да, айырым ўақытлары палкердиң гәпи туўрыға уқсап көринеди. Негизинде, адамларды палкерлер дузағына илиндиретуғын нәрсе де әне сол болады. Әне сол нәрсе не екенлигин Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам баян етеди:

«Ол ҳақтан болған бир кәлийма болып, жинлерден бири оны илип алып, «шериги»ниң қулағына таўықтың ғоқоқлаўына уқсатып, жеткереди. Ал, олар оған жүзден аслам жалғанды араластырып жибереди».

Бул ҳәдистеги «шерик» – палкер. Аўа, палкер жинниң шериги болады. Жин урмаған адам палкер болармеди?! Қайсы бир палкер жақсырақ үйренип шығылса, дәрҳал бул ҳақыйқат айдынласады.

Бәршемизге белгили, палкерлер ғайыпты билиўин айтады, болажақ ўақыялар туўралы хабар бермекши болады. Ал, негизи ғайыпты билиў тек ғана Аллаҳ таалаға тән. Қураны кәриймниң «Анъам» сүресиниң 59-аятында:

«Ғайыптың (жасырын ис ҳәм нәрселердиң) гилтлери Оның (Аллаҳтың) алдында. Оны Оннан  басқасы билмейди», – дейди.

Аллаҳ таала бенделерин Аллаҳтың ғайып ислерин билиўин даўагерлик қылыўшы палкер, дуўахан ҳәм қәлпеки тәўиплерге алданбаўға шақырыў менен бирге бул сыяқлы адамларға ақыретте аўыртыўшы азаплар таярлап қойғанының хабарын береди:

«Және оларға дозақ азабын да таярлап қойдық. Өзлериниң Рәббисине күпир келтиргенлерге жәҳәннем азабы бар. Буншелли жаман жер!» («Мулк» сүреси, 5–6-оятлар).

Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта да айырым инсанлар палкерлер яки дуўаханлар барлық машқалаларды шешип береди, деп ойлайды. Жумысы жүриспей атырғанлар да, жаман түс көрип, шоршып оянатуғынлар да, түрли дәртлерге жолығып, наўқасланғанлар, саўдасы болмай атырған саўдагерлер, бир нәрсесин жойтып алғанлар, лаўазымды гөзлеген ҳәмелпаразлар, жоқары оқыў орнына кире алмай атырған жаслар, қулласы, көпшилик палкер ямаса дуўаханлардан жәрдем күтеди.

Жумысы жүриспей атырғанлар сол палкер яки дуўаханның өзи жалғыз баслы екенин, шаңарағы бузылған яки ең жақын адамлары да сол машқалаға дус келип жүргенин ойлап көрмейди. Жоқары лаўазымнан үмит етип жүрген ҳәмелпараз, бул адамның қолынан лаўазымға көтериў келсе, ең дәслеп өзи сол лаўазымға өзи ийе болмай ма ямаса неше жылдан берли жумыссыз жүрген балаларын, аға-инилерин жумыс пенен тәмийинлеп қоймаспеди, деп пикир жүритип көрмей ме екен?

Сондай-ақ, палкерлер, ҳақыйқатында да келешекти болжайтуғын болса, шаңарақтан ажырасып, үйине қайтып келип отырған қызының бахтын неге алдыннан көре алмаған?

Адамларға байып кететуғын дуўа жазып берер-миш? Не ушын сол дуўа менен өзи байып кете бермейди? Ҳақыйқатында да, келешекти болжайтуғын болса, не ушын қайсы лотореяда утыс бар екенин, қайсы санлар шығатуғынын билип, утып, байып кетпейди.

Палкер ҳәм дуўаханлар жоқары оқыў орынларына киргизетуғын дуўаларды билетуғын болса, не ушын өзиниң ул-қызлары неше жылдан берли оқыўға кире алмай жүр?

Ҳақыйқатында да, келешекти болжай алатуғын болса, спорт ойынларында қайсы команда утатуғынын алдыннан билип, соған пул тигип, не ушын миллионлаған пулды утып алмайды.

Айырымлар палкерлер өзлерин ақламақшы болып айтыўы мүмкин, лоторея – бул қумар. Ал, қумар – ҳарам деп. Әне усы жерге келгенде олар өзлериниң тилинен өзлери усланады. Динимизде қумар қаншелли ҳарам болса, пал ашыў, аштыртыў да соншелли ҳарам-ғо! Оларға Аллаҳтың кәламы менен жуўап беремиз. Аллаҳ  таала Қураны кәриймде айтады:

«Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, хамр (мәс қылыўшы ишимликлер), қумар, бутлар ҳәм (пал ашатуғын) шөплер – шайтанның исинен болған ипласлық. Солай екен, оннан шетлениң. Қәнекей, утысқа ериссеңиз (Маида сүреси, 90-аят).

Палкер ҳәм дуўаханлар себепли бүгин жәмийетлик турмыста көплеген зыянлар, кеўилсизликлер ҳәм қарама-қарсылықлар келип шықпақта. Буның ең кишкенеси ретинде айтыў мүмкин – адамлар арасында душпанлық кейпияты, исенимсизликтиң тарқалыўы. Мәселен, бир адам палкерге басы көп аўыратуғынын айтып, мүрәжат етти. Палкер де бул жағдайда оны емлениўге буйырмайды. Ол өзиниң сада «клиент»ине: «Қәне, бир көрип жиберейин», дейди-де, карта, тас, моншақ таслап ямаса китап ашып: «Сизиң жақыныңызға кимдур дуўа оқытқан. Я ағайинлер арасынан, я қоңсылардан, ямаса бирге жумыс ислейтуғын биреў қатты дуўалатқан. Оған тез қарсы дуўа оқытпасаңыз, ақыбети жаман болады...» – деп оның мийин зәҳәрлейди. Соннан кейин ол үйине барған соң, душпанын излеп баслайды. Жақын арада айтысып қалған ямаса өкпелесип қалған ағайинлери, қоңсылары ҳәм кәсиплеслериниң дизимин дизип, өзинше бир нәрселерди ислеп яки палкерлерге ислетип жүреди. Нәтийжеде, жәмийетте өз ара душпанлық ҳәм исенимсизлик артып бара береди.

Әзизлер, жәмийет ағзалары турмысына унамсыз тәсир ететуғын бул сыяқлы иллетлерден сақланыў ҳәм олардан узақ болыў бәршемиздиң миннетимиз ҳәм ўазыйпамыз екенин ҳасла умытпайық. Тек өзимиз билип ғана қалмай, жақынларымыз, досларымыз, ағайин-туўысқан ҳәм қоңсы-қобаларымыз арасында палкер, дуўаханларға барыўшылар бар болса, оларды да дүнья ҳәм ақыретимиз ушын зыянлы болған иллетлерден қайтарыўымыз зәрүр. Оларға палкерлер ҳеш қашан бахыт, байлық ҳәмел алып бере амаўын, керисинше, олардың өзлери сол нәрселерге мүтәж екенин еслетейик. Палкерлердиң көпшилиги шаңарағында аўызбиршилик жоқ, материаллық қыйналған ҳәм руўхый саламатлығы да жақсы болмайды, енди оларға өзлеринде жоқ нәрседен үмит етип барыў, қаншелли ақылға туўры келеди?!

Соның ушын, әзизлер, арамызда Аллаҳты наразы қылатуғын бундай намақул ислерге қол урып, палкерлерге дуўаханларға барғанлар болса, тез де тәўбе қылсын. Палкерлик, дуўаханлық қылып жүргенлер болса, ўақыт барында бул ислерди таслап, ҳадал кәсип пенен шуғыллансын, Аллаҳтың кеширимин сорасын.

Аллаҳ таала бәршемизди Өзинен өзгеге мүтәж қылмасын! Ҳеш кимди ҳақ жолынан, ҳидаяттан адастырмасын!

ШАМСУДДИН БАҲАУДДИНОВ
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы

ДЕРЕК : www.paziylet.uz