Пайғамбарымыз саллаллаҳу аләйҳи ўəсəллəмдың туўылған күнлери Мəўлиди шəрийф мубəрек болсын!

Пайғамбарымыз саллаллаҳу аләйҳи ўəсəллəмдың туўылған күнлери Мəўлиди шəрийф мубəрек болсын!

Пайғамбарымыз саллаллаҳу аләйҳи ўəсəллəмдың туўылған күнлери Мəўлиди шəрийф мубəрек болсын!

Мине елимизге Рабиъул əўўəл айы кирип келди. Ҳəр жыл Рабиъул əўўəл айының 12-ши күни Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу аләйҳи ўəсəллəмдиң туўылған күнлерин кең турде путкүл дуня  мусылманлары қатарында елимиз мусылманлары да белгилеп Пайғамбарымыз Муҳəммəд саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəмдиң тарийхы, сийратлары ҳаққында, ҳәмде У Зот саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəмға Хəтми Қуранлар ҳəм салаўаты шəрийфлер оқыйды. Пайғамбарымыз Муҳаммад саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəм милодий 571-жыл 12-раббиъул əўўəл, (базы раўийатда 9- раббиъул əўўəл) айында дүшемби күни Мəккаи мукаррамада Қурайш қəбийлесинде дуняға келди. Ол кисиниң нəсл-несеблери  уллы Пайғамбарлардан болған Ибраҳим алайҳиссаламға барып тақалады. 

Бул хаққында Пайғамбарымыз саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəмдиң өзлеринин төмендегише раўият қылынған: «Аллаҳ таъала пайғамбарлық ушын Ибраҳим əўладларынан Исмаилды, Исмаилдың əўладларынан Бəний Кинананы, Бəний Кинанадан Қурайшды ҳəм Қурайшдан Бəний Ҳашымды, Бəний Хашымдан болса мени таңлап алды», деп марҳамат қылғанлар. Аллаҳ таъала Пайғамбарымызды саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəм) сондай уллы кисилердиң пуштында сақлап, аталары Абдуллаҳ ибн Абдулмуталлиб ҳəм аналары Амийна бинти Ваҳбдан туўылыўларын қəледи. Пайғамбарымыз саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəмдиң туўылған ўақтында аталары қайтыс болған еди. Камалға жетпесинен алдын аналары да қайтыс болады. Соң ол киси  бабалары Абдулмуталлиб  қарамағына өтеди. Бабалары қайтыс болғаннан соң əмекилери Əбу Талиб қарамағында қалады. Пайғамбарымыз саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəмды ол дəўирдеги араб халқының дəстурлерине муўапық емизген əйел аналарымыздан болған Ҳəлийма ас-Саъдиййəдур. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламдиң шарапаты менен əмекилери Əбу Талып ҳəм Ҳəлийма ас-Саъдиййə үйлеринде мислсиз береке пайда болғанлығын тарыйх кытапларында сөз етиледи. Расулуллаҳ саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəмдан сондай ажайып ыйс шығар еди, ол ыис мушкден-де (атыр) өзгеше еди. Пайғамбарымыз саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəм жас ўақтында бирге ойнаған досларының аналары балалары уйлерине киргеннен соң өз перзентлерине, бугин сен Муҳəммəд менен ойнадыңба, деп сорайтын еди.


Себеби ол балалардан Расулуллоҳдың ыйслери сиңип қалар еди. Ол киси жаслық ўақтында бир марте болсада өтирик сөйлемеген. Ҳалаллық, аманатдарлық, ҳалиймлик, сабр бардаслық ҳəмде кишипейиллик, мазлум ҳам мутəж кисилерге жəрдем бериу, кеширимлилик, ең жоқарғыминез хулқ, яғный, инсаныйатға қандай сулыў хулықлар берилген болса, ҳəммеси Пайғамбарымыз саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəм əдеп икрамлылықта көринген минез хулы ийеси еди. Аллаҳ таъала Қалəм суресинде: «Сиз уллы хулық устиндесиз», деп марҳамат қылған. Пайғамбарлық келмесден алдында ол кисини өз қəўмлери Муҳаммад Амин- ең исенимли деп атаған едилер. Муҳəммəд с.а.в. қырқ жасқа жеткенлеринде Аллаҳ таъала ол кисини путкул əлемге раҳмат қылып, пайғамбарлық ҳəм расул мақамин (дəрежесин) береди. Аллаҳ таъала Пайғамбарымыз саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəмды бəрше пайғамбарлардан үстин қылды. Ол киси менен пайғамбарлық силсилесин тамамлап, ол кисини Хатамул анбия (яғный пайғамбарлар аықыры) қылды. Расулуллаҳ саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəмдан сондай марҳамат қылынады: «Əўўелги пайғамбарлар өз қəўимлерине жиберилер еди. Мен болса пүткүл əлемге пайғамбар қылып жиберилгенмен» деп марҳамат қылғанлар. Қандай миллет болсада қайсы бир адам: «Лə илəҳə иллəллаҳ Муҳəммəдур рəсулуллаҳ- яғный Аллаҳ таъаладан өзге ибадатқа лайық зат жоқ, Муҳаммад саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəм Оның расули (елшиси)-(пайғамбары)», деп ийман кəлимесын, тили менен айтып, қəлби (кеўли) менен тасдыйқласа (исенсе), Муҳаммад саллəллаҳу алайҳи ўəсəллəмға үмметлик шарапына мыяссар болады. Сондай екен, бул мүбарек айда көбирек Пайғамбарымыз Муҳаммад саллəллаҳу алайҳи ўасалламға Хəтми Қуранлар оқып, салаўаты шəрийфлер айтып қалайық, Ол кисиниң тарыйхы, сийрети ҳаққында келген китапларды оқып, өмиримиз ақырына шекем сондай болып жасаўға ҳəрекет етейик!
Аллаҳумма саллий ъала сəййидинə ва нəбиййинə Муҳаммад, вә ъалə əлийҳий вə əсҳəбиҳий əжмəъийн.

Яқуб Жумамуратов,
Тақыятас районы “Муҳаммад Мурад ийшан” жамий мешити имам-хатиби