Мүбарек Рамазан оразасының пазыйлетлери

Мүбарек Рамазан оразасының пазыйлетлери
Аллаҳ субҳанаҳу ўа таалаға есапсыз шүкирлер болсын.
Сүйикли Пайғамбарымыз Муҳаммад мустафа алайҳиссаламға таўсылмас салаўат ҳәм сәлемлер болсын.
Динимизде ең уллы ибадатлардың бири, исламдағы бес парыздың үшиншиси бул – Ораза ибадаты яғный Рамазан айының оразасы есапланады.
Ораза араб тилинде «сыям» деп аталып, сөзликте бир нәрседен өзин тыйыўды билдиреди.
Ал, шәриятта «таң атқаннан қуяш батқанға шекем нийет пенен оразаны бузыўшы нәрселерден өзин тыйып турыўды билдиреди». «Оразаны бузыўшы нәрселер» дегенде жеп-ишиў, жынысый жақынлық қылыў ҳәм оразаны ашып жиберетуғын басқа нәрселер түсиниледи.
Рамазан айы оразасын тутыў екинши ҳижрий сәнеде парыз қылынған болып, ораза тутыўдың инсан ушын пайдалары жүдә көп яғный ораза тутыў себепли инсан еки дүнья бахыт – саадатына ериседи.
Биринши нәўбетте инсан, ораза тутыўы себепли Аллаҳ тааланы жәнеде жақыннан таныйды, тақўасы артады. Аллаҳ таала: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден алдынғыларға парыз қылынғанындай сизлерге де ораза парыз етилди. Қәнекей, тақўалы болсаңыз» (Бақара сүреси, әҳқ-аят).
Аллаҳ таала бул аяты кәрийманың ақырында «қәнекей тақўалы болсаңыз»-деген. Яғный инсан, ораза тутыўы себепли Аллаҳ тааланы жәнеде жақыннан таныйды, тақўасы артады.
Екиншиден – Ораза тутыўшы инсан тутқан оразасы себепли денсаўлығында тиклеп алады, бул жерде итибар беретуғын нәрсемиз – оразаны денсаўлығымды тиклеў ушын тутаман деп нийет етпеў керек. Ораза текғана, Аллаҳ тааланың буйрығы болғаны ушын тутылатуғын ибадат. Ал, денсаўлыққа пайдасы тийиўи болса, пазыйлетли ораза ибадатының ҳикметлеринен есапланады.
Үшиншиден – Ораза ибадаты пайдаларынан және бири – ҳаўайы нәпсини сындырыў болып есапланады. Инсанда нәпс деген бар. Ол инсанның қәлеў сезими. Егерде инсан нәписниң айтқанын қыла берсе, нәпс инсанды қул қылып қояды. Ҳаўайы нәпс инсанды ҳеш қашан жақсы нәрсеге буйырмайды. Ал, ораза тутқан адам иштейи келип турған ҳалда тағамлар, ишимликлер, ышқы ҳәм басқа да нәпси қәлеп турған нәрселерден өзин тыйыўы менен ҳаўайы нәпсин сындырады, нәпсин жылаўлап алыўға ериседи.
Төртиншиден – Оразаның пайдаларынан және бири – шайтанға қәҳәр көрсетиў. Ораза тутқан адам Аллаҳ тааланың буйруғын орынлап, өзин түрли гүна ислерден тыйып, жақсы әмеллерди ислеп Аллаҳ таалаға тақўа қылады, шайтанға қәҳәр көрсетеди.
Бесиншиден – Ораза тутқан адамның қәлби пәкленеди. Барқулла Аллаҳ таала Oның өзин көрип турғанын сезип жасайды. Соның ушын өзи жалғыз қалғанда да оразасын ашыўға жүреги бетлемейди. Ал, мудамы Аллаҳ тааланы еслеп, сезинип журиў инсанның қәлбин пәклейди. Ораза тутқан адамның жаманлық қыла алмаўы соннан.
Алтыншыдан – Ораза тутқан адамның гүналары тутқан оразасы себепли кешириледи.
Буны ҳәммемиз билемиз. Ҳәдислерде ораза тутқан адамның барлық гүналары кеширилип, жәннеттиң текғана ораза тутқан адамлар ушын арналған Раййан деп аталған есигинен киргизилип, ҳәмме ораза тутқан адамлар кирип болғаннан соң, ол есик жабылып, басқа ҳеш кимди киритпейди деп келтирилген.
Жетиншиден – Ораза тутқан адам өзиниң оразасы себепли периштелер сыпаты менен сыпатланады. Периштелердиң сыпатлары- олар жеп-ишпей ҳәм жынысый жақынлық қылмай, мудамы ибадатта болыў – периштелерге тән сыпат. Әне ораза тутқан адамлар да әне сол сыпатларға ийе болады.
Сегизинши – Ораза тутқан адам сабыр – тақатлы инсан сыпатына ийе болады. Бул сыпат ҳәмме инсан ушын зәрур сыпат болып есапланады.
Тоғызыншы – Ораза тутқан адам мийрим-шәпәәт сыпатын қәлиплестирип, беккемлейди.
Ораза тутқан адам өз ықтыяры менен аш болып, шөллеп, түрли кеўли қәлейтуғын нәрселерден ўақтынша тыйылыў менен өз ытыярынан тысқары аш қалып, шөллеп, дүнья ләззетлеринен нәр алалмай жүрген жетим – жесир , камбағалларға мийрим шәпәәтлы болып қалады. Барқулла оларға жақсылық қылып турыў керек екенлигин түсинип жетеди, мийрим-шәпәәт сыпаты күшейеди. Мине, усы айтылған нәрселер оразаның бул дүньядағы айрым пайдалары ғана.
Ал, оразаның ақыреттеги пайдалары болса, жүдә көп. Олар ҳаққында көплеген ҳадислерди келтирип өтиўимиз мүмкин. Ҳәзир текғана бир ҳәдисти келтириўимиздиң өзи ораза тутқан адамның қандай дәрежеде үлкен саўап ҳәм мақам-дәрежелерге ийе болатуғынын аңлап жетемиз.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллалаҳу алайҳи ўа саллам:
«Аллаҳ таала «Адам баласының ҳәмме әмели өзи ушын, тек ораза Мен ушын ҳәм оның сыйлығын Мен – Ɵзим беремен», – деди. Ораза сақлаўшы. Қашан қайсы бириңиз ораза болсаңыз, жаман сөз айтпасын ҳәм бақырысып-шақырыспасын. Егер биреў оны сөгежақ болса яки оның менен урысажақ болса, «Мен ораза адамман», десин. Муҳаммадтың жаны қолында болған Аллаҳ пенен ант, әлбетте, ораза тутқан адамның аўызындағы ийис Аллаҳтың алдында мушктиң ийисинен де жағымлы. Ораза тутқанға еки қуўаныш бар. Қашан аўыз ашса, қуўанады ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы себепли қуўанады», – деди». Бесеўи раўият қылған.
Басқа бир рәўиятта: «Адам баласының ҳәмме әмели (саўабы) көбейтип бериледи. Бир жақсылыққа оның он ессесинен жети жүз ессесине шекем. Аллаҳ азза ўа жалла: «Бирақ ораза Мен ушын. Оның сыйлығын Ɵзим беремен. Ол (Адам баласы) шәҳўаты ҳәм тағамын Мен ушын тәрк етеди», – деди, делинген.
Әзизлер! Бул мүбәрек пазыйлетли Рамазан айы ғәниймет ҳәм оның биз бенделер ушын парыз қылынған оразасын тутыў болса бизлерди еки дүнья бахыт-саадатына еристиреди инша Аллаҳ!
Яқуб Жумамуратов,
Тақыятас районы «Муҳаммад Мурад ийшан» жаме мешити имам-хатиби