ИСРО ҲӘМ МЕЪРОЖ ЎАҚЫЯСЫ

ИСРО ҲӘМ МЕЪРОЖ ЎАҚЫЯСЫ
“Исро” сөзиниң мәниси – түнги сейил, ал, “Меърож” көтерилиў дегенди
аңлатады. Исро ҳәм Меърож ўақыясының негизги мәниси – Пайғамбарымыз
саллаллаҳу алайҳи ўа салламның бир түнде мөжизалық саяхаты ҳәм жоқары
дәрежелерге көтерилиўи.
Меърож – Аллаҳ таалаға жақын болыўдың ең
жоқары дәрежеси болып, оны инсаный өлшемлер, тәбият нызамлары менен
түсиндирип бериў имкансыз
Оның ҳүкими де басқа ғайып нәрселер
ҳүкимине уқсас. Оған ийман келтиремиз, бирақ қандай екенине кириспеймиз.
Тийкарғысы, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ояў ҳалында дене
ҳәм руўсы менен аспанларға, соң Аллаҳ таала қәлеген жерге көтерилгени.
Буның ҳақ екенлигине ийман келтиремиз.
Исро Пайғамбарымыздың
саллаллаҳу алайҳи ўа саллам меърож түни Мәккәи мукаррамадан Байтул
Мақдиске барыўы. Бул ҳаққында Қураны кәрийм Исро сүресиниң биринши
аятында келген: «Өзиниң бендесин (Муҳаммадты) түнде (Мәккәдағы) Масжидул
Ҳарамнан Биз дөгерегин берекетли қылып қойған (Қуддустағы) Масжидул
Ақсоға мөжизаларымызды көрсетиў ушын сейил қылдырған (Аллаҳ) пәк». (Исро
сүреси, 1-аят).
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның
Меърожғв көтерилиўи Мадинаға ҳижрат қылыўынан бир жыл алдын Мәккәда,
Ражаб айының 27-күни түнде жүз берген. Каъбада уйқылап жатырған
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды Жәбрайыл алайҳиссалам оятып,
Аллаҳ таала оны шақырғаны ҳаққында хабар береди. Расулуллаҳ саллаллаҳу
алайҳи ўа саллам Жәбрайыл алайҳиссалам алып келген “Бурақ” деген илаҳий
ҳайўанға минди, бир демде Масжид ул-Ҳарамнан Қуддустағы Масжид ул-Ақсоға
жетип келди. Бул жерде Расулуллаҳ алайҳиссаламды күтип турған
пайғамбарлар жәмәәтине имам болып намаз оқыды.
Соң Пайғамбарымыз
саллаллаҳу алайҳи ўа саллам аспанға көтериле баслады. Сол түни
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳеш бир инсан ҳәм ҳеш бир
периште жетисе алмайтуғын жоқары дәрежеге көтерилди – Аллаҳ таала менен
туўрыдан - туўры сәўбетлесиў ҳүрметине миясар болды.
Сол түнниң
өзинде артына қайтқан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның
үмметине бир күнде бес ўақыт намаз оқыў парыз қылынды, және Аллаҳ
таалағаға шерик қоспай, гүналарына шын тәўбе қылғанлардың кеширилиўи
ҳаққындағы хошхабар ҳәм “Бақара” сүресиниң ақырғы үш аяты менен түсти.
Әҳли
сунна ўәл-жәмәә ақыйдасының әҳмийетли бөлими Пайғамбарымыз Муҳаммад
саллаллаҳу алайҳи ўа салламның меърожға шыққанына — ояў ўақтында дене
ҳәм руўхы менен аспанға ҳәм оннан Аллаҳ таала қәлеген жерге шыққанына
исениў болып есапланады.