Ислам не нәрсеге шақырады?

Ислам не нәрсеге шақырады?

Ислам не нәрсеге шақырады?

     Ҳақыйқатында да, тарийхтың өткен қысқа дәўиринде ийгиликли мақсетлерге ерисиўимизде, өзлигимиз ҳәм пикирлеўимизди аңлаўымызда муқаддес диинимиздиң орны ҳәм әҳмийети теңсиз.
     Себеби, тынышлықты сүйиў, парахатшылық, қәтержамлық ислам дининиң маңызын қураўы, оның адамларды тынышлықты сақлаў ҳәм турақлылықты тәмийинлеў жолында өз ара аўызбиршилик пенен ҳәрекет қылыўға шақырыўы пикиримиздиң дәлили есапланады. «Ислам» сөзиниң араб тилиндеги сөзлик мәниси – «бойсыныў», «итаат етиў», ал шариат термининде Аллаҳға тил менен ийман келтирип, кеўил менен тастыйықлаў, оның көрсетпелерине бойсыныўды аңлатады. Сондай-ақ, «Ислам» сөзиниң  өзеги «салам» болып, тынышлық, питим мәнисин аңлатады. Буған дәлил сыпатында бир нәсилге тийисли аддамлар арасында қәўипсизликти тәмийинлеўи, пәраўанлық ҳәм бирге ислесиўди аңлатыўын келтириў мүмкин. «Салам» сөзи Қуранның 30 дан аслам жеринде тәкирарланған. Соның менен бирге, ол Аллаҳ тааланың гөззал исимлериниң де бири».
     Тынышлық бийбаҳа неъмат екени ислам дереклеринде де өз сәўлелениўин тапқан. Атап айтқанда, Қураны кәримде: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Барлығыңыз итаатқа кирисиң!..» (Бақара, 208) делинеди. Бул аяттағы «барлығыңыз итаатқа кирисиң» дегени тафсир китапларында питимге, өз ара тынышлыққа крисиң, урысты тәрк етиң мәнисин береди. Сондай-ақ, «Оған (ол жерге) саў-саламат, тыныш-аман кириң! (Ҳижр, 46), деген Аллаҳ тааланың аятында да жәннет әҳлиниң мәңги өмири тынышлық, парахатшылық ҳәм саламатлықта өтетуғыны айтылған. Бул аят бизге тынышлық ҳәм қәтержамлық тек ғана бул дүньяда қәдирли болып қалмай, ал жәннетте де жүдә уллы неъмат екенин ҳәмде Жер бети инсанияттың пәраўан, өз ара татыў ҳәм аўызбиршиликте жасаўы ушын жаратылғанын билдиреди.
     Ал, ҳәдиси шарийфлерде «Тынышлық ҳәм қәтержамлық еки уллы неъмат, буннан көп адамлар маҳрум; «Ким бизлерге қарсы қурал көтерсе, ол ислам әҳлинен емес», деп инсанларды тынышлықтың қәдирине жетиўге, өз ара татыў жасаўға шақырған.
     Сондай-ақ, Ибн Аббастан (разыяллаҳу анҳу) рәўият қылынған ҳәдиси шарийфте айтылғанындай, «Еки ең әзиз неъмат бар, көпшилик буның қәдирине жетпейди, булар денсаўлық ҳәм тынышлық-қәтержамлық болып есапланады» (Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий).
     Жоқарыда атап өтилгениндей, ислам тынышлық, қәтержамлық ҳәм маңызы жағынан жеңиллик дини есапланады. Оның сыйыныўшыларға тек жеңилликти раўа көриўи теберик дереклерде жетерлише баян етилген. Белгили болғанындай, шариат ҳүкимлерин енгизиў Аллаҳ яки Ол руқсат берген пайғамбарларға тән. Басқа ҳеш ким, қандайда бир себеп пенен бул исти әмелге асырыўы, бенделер үстине шариат әмирин енгизиўи мүмкин емес. Пайғамбар Муҳаммад (алайҳиссалам) да өз үмметлерине мудамы жеңиллик, аңсатлық, орташалықты қәлеп келген
     Исламның жеңил дин екени, оны қыйынластырыў, оған өзгеше түсиник ҳәм көзқараслар алып кириў қараланатуғыны Қуран аятлары ҳәм ҳәдислерде ҳәр тәреплеме баян етилген. Соның ишинде, Қураны кәримде былай делинеди: «Аллаҳ сизлерге жеңилликти қәлейди, аўырлықты қәлемейди» (Бақара, 185). «Аллаҳ сизлерге (шариат ҳүкимлерин) жеңиллетиўди қәлейди. Ақыры, инсан әззи жаратылған-дә!» (Ниса, 28). Имам Бухарий рәўият қылған ҳәдисте былай делинеди: «Әлбетте, дин жеңил, Кимде-ким оны (өзинше) аўырластырса, дин оны әлбетте жеңеди». Сондай-ақ Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўият қылған ҳәдисте де былай делинеди: «Аңсатластырың, қыйынластырмаң! Қызықтырың, бездирмең!».

Нокис қаласы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Аметов Торебай