ИНТЕРНЕТ ЖАҚСЫЛЫҚҚА ҲӘМ ЖАМАНЛЫҚҚА ХЫЗМЕТ ҚЫЛЫЎЫ МҮМКИН

ИНТЕРНЕТ ЖАҚСЫЛЫҚҚА ҲӘМ ЖАМАНЛЫҚҚА ХЫЗМЕТ ҚЫЛЫЎЫ МҮМКИН
Жаслық инсан өмириниң ең әҳмийетли басқышы болып, бул дәўирде ол нағыз күшине толған пайыты болады. Усы дәўиринде инсан өмир деп аталатуғын гүзар жоллардың кесиспесинде турады. Усы кесиспеде инсанға туўры жол таңлаўына жәрдем берилип, жақсы жолға бағдарланса, келешеги айдын болады. Бул оны дүнья ҳәм ақырет бахтына еристиреди. Егер, итибарсыз қалып, бул кесиспеде жаман жолға бурылып кетсе, өзи, шаңарағы, туўысқанлары, халқы, Ўатаны ушын жүдә кеўилсиз ҳәдийселерге қәдем қойған болады. Буның менен оның бул дүнья ҳәм ақыретте жақсылыққа ерисиўи қыйынласып қалады. Жаслар ҳәр бир миллеттиң келешеги екенин есапқа алатуғын болсақ, оларға итибар қаратыўдың әҳмийети де артады. Өйткени, ҳәр бир шахстың ким болыўы жаслығынан басланады. Жаслық ўақтында қәлиплесип қалған сыпатлар инсанға өмир бойы жолдас болады. Соның ушын да жаслардың әдепли болыўы ушын ҳәрекет етиў жүдә әҳмийетли ис есапланады.
Ҳәдиси шәрифте Пайғамбарымыз алайҳиссаллам: «Қыямет күни адам баласының қәдеми оннан бес нәрсе ҳаққында: өмирин неге сарыплағаны, жаслығын неге кеткизгени, малын қалай жыйнап, қай жерге жумсағаны, алған илимине қалай әмел қылғаны ҳаққында соралмағанынша, Аллаҳ тааланыӊ алдынан үзилмейди» , деп айтылған. Демек, Мөмин адам өзине берилген өмир неъматы әзиз екенин, оннан үнемли пайдаланыў өзиниң муқәддес ўазыйпасы, әхиретте оның ҳәр бир ләҳзесинен соралыў барлығын бир дем болсада умытпаслығы лазым. Усы итибардан интернетке кирип, керексиз нәрселерге саатлап ўақыт сарыплаў ўақыттың қәдирине жетпестен оны ысырап қылыў динимизде қайтарылған. Себеби, Интернетдеги имкәниятлар көбейип кеткенинен базылар, жалған хабарлар, сүўретлер ҳәм видеокөринислер тарқатыўға әдетленген. Интернет еки тәреплеме – ҳәм жақсылыққа ҳәм жаманлыққа хызмет қылыўы мүмкин болған нәрсеге айланды. Бизиң ўазыйпамыз оны жақсылыққа хызмет қылдырып, оның зыянларынан шетлениўге ҳәрекет қылыў. Егер бүгин биз ата-аналар, устазлар жасларға интернеттен пайдаланыў тәртибин үйретпесек өзлери билип-билмеген ҳалда ҳәр қыйлы ағымларға кирип кетиўи мүмкин. Ўақыт, имканият қолдан берилсе, кейин кеш болыўы ҳәммемизге мәлим.
Биз күнделикли қолланатуғын «Интернет» сөзи шет тилдеги қысқартылған сөз болып, тилимизде «халықаралық мағлыўматлар торы» деген мәнисти аңлатады. Интернеттиң тынымсыз раўажланыўы ақыбетинде ол тек мағлыўматлар усыныў ҳәм қабыл етиў менен шекленип қалмай, буннан да үлкен көлемдеги ислерди алып барыўға хызмет ететуғын болып қалды. Турмыстың барлық тараўларында интернет жәрдеминде аңсат, арзан ҳәм тезлик пайдалары гөзленетуғын болды.
Интернетте пайдалы мағлыўматлар менен бир қатарда зыянлы, бузық мағлыўматлар да тарқалмақта. Исенимге зыянын тийгизетуғын, бузықшылық ҳәм уятсызлықты үгитлеўши, әдепсизликти тарқатыўшы ҳәм соған уқсас инсаният әўладына ар келтириўши ислерди үгитлейтуғын сайтлар көбейип бармақта. Айырым адамлар интернет арқалы бир-бирине жала жаўмақта, хорлап, сөгиспекте, бир-бирин шерменде қылмақта ҳәм тағы басқалар. Усы интернет арқалы тек мораллық бузықлықлар емес, ал сиясий, социаллық, финанслық, илимий ҳәм басқа көплеген тараўларда да жынаятлар жүз бермекте. Турпайы етип айтатуғын болсақ, интернет бул жынаятларды әмелге асырыўды аңсатластырмақта. Төменде халық аралық заманагөй байланыс ҳәм хабар қуралы болған интернеттен пайдаланыўдың айырым улыўма әдеплери ҳаққында қысқаша сөз етемиз: Интернеттен пайдаланбақшы болған адам нийетин жақсы етиўи керек. Әлбетте, инсан ҳәр бир нәрседе болғаны сыяқлы, интернеттен пайдаланыўда да тек жақсылықты, руқсат етилген нәрселерге муўапық жумыс ислеўди нийет етиўи лазым болып табылады. Әне сонда ғана бул исинен пайда табады, гөзлеген мақсетине ериседи. Адам бир жақсылықты нийет етсе, бир саўап алады, ал сол нийетине әмел қылғанда, саўабы он есе көбейеди.
Интернетке кириўден алдын ўақытты бийкарға өткермеў ушын өмирдиң қәдирин еске алыў, оның ҳәр бир секунды есаплы екенин, қыямет күнинде есап-санақ болатуғынын еске алыў зәрүр. Интернетке кириўден алдын жумыс режесин жақсылап дүзип алыў керек. Ҳәр бир истеги сыяқлы, интернеттен пайдаланғанда да жақсылап дүзилген реже тийкарында жумыс ислеў лазым. Мақсет ҳәм гөзленген пайда анық болсын. Кириў нийет етип турған сайттың аты таяр болсын. Соған уқсас барлық керекли нәрселер, мағлыўматларды алдыннан анықлап алыў керек. Отырып алып, «не қылсам екен», деген қыялларды сүриў ўақыттың заўалы есапланады. Интернетте көрилетуғын, оқылатуғын ҳәм еситилетуғын нәрселердиң барлығы руқсат етилген нәрселер болыўы шәрт. Жумыс орны ямаса басқа бир шахстың интернетинен руқсатсыз пайдаланыў мүмкин емес. Бунда еки тәреплеме пикир жиргизетуғын ис жүз береди. Бир тәрептен - жумыс орнының интернетке төлейтуғын қаржысы жеке мәп ушын жумсалады. Екинши тәрептен - жумыс орнының ислерин орынлаў орнына жумыс ўақтында өз мәпин гөзлеп, жуўапкершиликтен қашыў жүз береди. Басқа адамның интернетинен пайдаланыў бойынша да усыған уқсас гәпти айтыў мүмкин.
Балалардың интернет ҳәм компьютерден пайдаланыўын ақылға муўапық ҳәм итибарлы болып жолға қойыў керек. Дәслеп бала ата-анасы ҳәм үлкенлердиң руқсатысыз интернет ҳәм компьютерден пайдаланбасын. Балаларды бундай ўақытлары қараўсыз қалдырмаў, дыққаттан қашырмаў керек. Олар пайдаланатуғын буйымлар ҳәммениң көз алдында туратуғын болсын. Болмаса, көзимизди алдап, қәлемеген, бузық ямаса пайдасыз нәрселерге өзлерин урыўы мүмкин. Балалардың интернет ҳәм компьютерде ойнайтуғын ойынлары зейинди шынықтыратуғын, саўатландырыўға пайдасы тийетуғын, әдеп-икрамлылыққа шақыратуғын болыўы илажын көриў керек. Балалардың ўақты зая кетпеўи ҳаққында турақлы ойланыў да естен шықпаўы керек.
Интернетте чат, форум, фейсбук, твиттер сыяқлы өз ара байланыс алып барыўға хызмет ететуғын қураллар арқалы адамлар бир-бири менен жазысып, сөйлесип, сүўретли байланыслар алып барыў имканиятларына ийе болған. Олар усы имканиятларды иске салып, көплеген зәрүрликлерин әмелге асырып, мағлыўмат алмасыў, билмегенин сорап үйрениў, жаңа дос ҳәм шериклер арттырыў сыяқлы көплеген мәплерге ийе болмақта.
Интернеттеги усы тармақлар арқалы ўақытты зая ететуғын кеўилхошлықларға тийисли нәрселер, даўыслы ҳәм сүўретли жазыўлар тарқатылмақта. Түрли ойынлар ҳәм жарыслар, үгит-нәсият илажлары енгизилмекте. Сондай-ақ, интернеттеги усы тармақлар арқалы илимий ҳәм финанслық машқалалар да кең көлемде алып барылмақта.Түрли әдеп-икрамлық, материаллық, мәнәўий жынаятлар жүз бермекте. Булардың барлығын тәртипке салыў, адамларды туўры жолға салып, натуўры жолдан қайтарыў лазым болмақта. Сондай-ақ, интернет байланысындағы түсинбеўшиликлер ямаса әдептен шегиниўлер ақыбетинде шаңарақлы адамлар арасында ажырасыўға шекем жетип бармақта.
Интернет арқалы өзгелер менен байланыс жасағанда тап көз бенен көрип турғандай, өзин әдеп-икрамлы тутыў керек. Бул түрдеги байланыс көпшилик пенен болып атырғанын улыўма умытпаў керек. Бул байланыс жазысыў арқалы болса, жазыў қағыйдаларына толық әмел қылып, өзиниң жоқары мәдениятын көрсетиў керек. Жазыўларының қәтесиз екенин тексерип көриўи лазым. Бийтаныс адам менен байланыс жасағанда, ҳүрметин орнына қойып, айрықша әҳмийет ҳәм итибар менен сөйлесиледи. Себеби, Юсуф Ҳас Ҳажиб “Бахытқа баслаўшы билим” шығармасында “Инсан билими, ақылы, әдеп-икрамы менен ҳүрметли”,- дегениндей ҳәр бир адам өзиниң ис-ҳәрекети менен кимлигин көрсетеди. Интернеттен қандай мақсетте пайдаланыў да ҳәр кимниң дүнья танымы, әдебине, тәрбиясына ҳәм идеологиялық иммунитетине байланыслы.
Нокис қаласы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты 3-курс талабасы Даулетбаев Сапарнияз