Илим алыў пазыйлетлери

Илим алыў пазыйлетлери
Илим үйрениў динимизде парыз қылынған. Ҳәдиси шәрифте; "Ҳәр бир мусылман еркек ҳәм ҳаял-қызға илим үйрениў- парыз" делинген.
Аллаҳ таала илимли адамлардың дәрежесин көтерип Қураны кәриймде: "Бенделери ишинде Аллаҳтан тек алымларығана қорқады". Сондай-ақ, "Билетуғынлар менен билмейтуғынлар тең бола ма?" деген. Усы аятлардың өзинен-ақ, динимизде илим алыўға үлкен итибар берилгенин аңлаймыз. Ҳәдиси шәрифте: "Ким илим талап қылыў жолына туссе, Аллаҳ оған жәннеттиң жолын жеңиллестиреди", делинген. Және бир ҳәдиси шәрифте: "Ким илим үйрениўге кириссе, өткен гүналарына каффарат болады", делинген.
Илим үйрениў текғана Аллаҳ таала разылығын табыў ҳәмде еки дүньямызды абат етиў ушын үйренилиўи шәрт.
Тақыятас районы "Муҳаммад Мурад ийшан" жаме мешити имам-хатиби Яқуб Жумамуратов