ЕЛИМИЗДЕГИ РЕФОРМАЛАР ҲАҚҚЫНДА СӘЎБЕТЛЕСИЎ БОЛЫП ѲТТИ

ЕЛИМИЗДЕГИ РЕФОРМАЛАР ҲАҚҚЫНДА СӘЎБЕТЛЕСИЎ БОЛЫП ѲТТИ
Ѳзбекстан Республикасы Ғǝрезсизлигиниң 31 жыллығын мүнǝсип күтип алыў бойынша Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының режеси ҳǝм Ѳзбекстан мусылманлары басқармасының арнаўлы хаты тийкарында республикадағы тǝжирийбели имам-хатиблердиң шегара аймақта жайласқан мешитлерге барып жǝмǝǝт пенен ушырасыў, елимиздеги реформалар ҳаққында сǝўбетлесиў ѳткериў белгиленген.
Бүгин усы реже тийкарында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов Тахиятас районындағы «Муҳаммад Мурад ийшан» мешитинде болды ҳǝм жума намазын оқып берди. Мешит жǝмǝǝти менен ушырасар екен Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасының халқынын турмыс тǝрзин жақсылаў мақсетинде пахта ҳәм ғәлле майданларын қысқартып, ҳәр бир шаңараққа 2 гектардан жер ажыратыў, жолларды оңлаў, электр, газ ҳәм суў тәмийнатын жақсылаў, 2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиа билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылыўы, социаллық жақтан жǝрдемге мүтǝж шаңарақларға көмир, суйылтырылған газ, азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүрликлер ушын 600 мың сўмнан бир мәртелик жәрдем пулының ажыратылыўы ҳǝм басқада жеңилликлер ҳаққында сǝўбетлести.
Ушырасыўдан соң қазы Ш.Бауатдинов «Муҳаммад Мурад ийшан» мешитиндеги абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысты ҳǝм алдығы ўазыйпаларға кѳрсетпелер берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты