Динимизде қоңсы-қоба арасында қарым қатнас

Динимизде қоңсы-қоба арасында қарым қатнас
Муқәддес ислам динимизде қонсыларга жақсылық қылыў, жаманлық қылмаў
ҳаққындағы көрсетпелеринде көзде тутылатуғын қоңсылар кимлер, деген
сораўға, дəлил ҳүжжетлерди дыққат пенен үйренип шыққан уламаларымыз
көпшилиги, қырық үйге шекем қоңсылар қоңсылық ҳаққы ийелеридур, - деген
жуўмаққа келген.
Аллаҳ таъала Ниса сүресинде мәрҳәмат қылады:
“Аллаҳға
ибадат қылың ҳәм Оған ҳеш нәрсени шерик қылмаң! Ата-анаға, жақын
ағайин-туўысқанларға, жетим-жесирлерге, мискинлерге, жақын қоңсыға,
қаптал қоңсыға, қапталыңыздағы жолдасыңызға (саҳибга), жолаўшы мүсəпирге
ҳəм қол астыңыздағы (қарам)ларға жақсылық қылыңлар” (Ниса сүреси
36-аят).
Бул аяты кәриймада Аллаҳ таала бир неше түрли топардағы
адамларға, соннан, жақын қоңсылар, қаптал қоңсыларға жақсылық қылыўға
буйырып атыр. Тәфсирши уламаларымыз аяты кәриймада зикр қылынған “жақын
қоңсыны" туўған-туўысқан қоңсы, яғный (туўған туўысқаншылығы)
ағайиншилиги бар қоңсы, қаптал қоңсыны болса туўған-туўысқаншылығи
болмаған қоңсы деп түсиндирген.
Инсан баласы өз күнделикли
турмысында ол қəлей ме, қəлемей ме, ҳəмме ўақыт байланыста болып
туратуғын топарлардың биреўи қоңсылар есапланады. Инсанлардың
жақсы-тыныш өмир сүриўи, бахты, қуўанышы көбинесе қоңсылар менен
болатуғын мүнəсибетлерге де байланыслы болады.
Абу Шурайҳ Хузаъийдан рəўият қылынады: “Нәбий саллалаҳу алайҳи ўасаллам:
“Ким
Аллаҳ таалаға ҳəм ақырет күнине ийман келтирген болса, қоңсысына
жақсылық қылсын” деди”. Имам Бухарий “Адаб ул-муфрадда рəўият қылған”.
Қоңсысына
жақсылық қылыў Аллаҳ таалаға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген адамның
сыпаты, белгиси екен. Ким Аллаҳ таалаға ийман келтирген, исенген болса
ҳəм ақырет күнинен үмит етсе, қоңсысына жақсылық қылыў шəрт екенин
билдиреди. Бул ҳəдийси шəрийфте Аллаҳ таалаға ҳәм ақырет күнине ийман
келтириўликти (яғный исенимди) зикр қылыныўы, сол ислерге шақырыўлық,
айрықша əҳəмийетли екенлигин билдириў ушын келген. Демек кимниң ақыретге
ийманы, яғный исеними болса ҳəммеге соның ишинде қоңсыларға жақсылық
қылады ҳəм жаман ислерди қылмайды, қоңсылардан жеткен жаманлықларға да
сабыр қылады. Қоңсылар үш топардан ибарат: мусылман туўған-туўысқан
қоңсы, мусылман туўған-туўысқаншылығы болмаған қоңсы, мусылман болмаған
қоңсы. Мусылман туўған-туўысқан қоңсының мусылманлық ҳəм
туўған-туўысқанлық ҳəм қоңсылық ҳаққы болады. Мусылман болмаған қоңсының
тек ғана қоңсылық ҳаққы болады. Абдуллуҳ ибн Амрдан рəўият қылынады:
“Оның қойы сойылды. Ол хызметши жигитке: “Яҳудий болған қоңсымызғада
ҳадя қылдың ба? Яҳудий болған қоңсымызғада ҳадя қылдыңба? деп сорай
берди. Соң Расулуллаҳ саллалаҳу алайҳи ўасалламның “Жабрайыл (периште)
маған қоңсы ҳаққында сонша дəрежеде көп көрсетпе берди, оныда мийрасхор
қылып қоярмекен, деп ойлап қалдым”, дегенин еситкенмен”, деди”. Имам
Бухарий “Адаб ул-муфрадда рəўият қылған”.
Яҳудийме ол, насраныйма
ол, мажусийма ол, ким болыўына қарамастан қоңсыларға ҳəмийше жақсылық
қылыў керек. Себеби қоңсының ҳаққы шариятда қатаң белгиленген. Бул ҳаққа
итибар бермеўлик аўыр есапланады. Бир адам Аллаҳ тааладан қорқып,
қоңсысының ҳаққына əмел қылса, оны ҳүрмет етсе, оның бала шағасы,
мал-мүлкине көз алайтырмаса, бундай пикирлерди ойынада келтирмесе, оның
қоңсысыда усындай мүнəсебетте болады. Жақсы қоңсы инсанның бахтлы болыўы
себеплеринен биреўи екнлигин Расулуллаҳ саллалаҳу алайҳи ўасаллам өз
ҳəдиси шəрифлеринде кең дағаза қылған.
Нофеъ ибн Абдулҳаристен
раўаят қылынады: “Набий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Кең орын (турар
жай), жақсы қоңсы, ҳəм жақсы маркаб (минетуғын көлик) мусулман адамның
бахтының белгисидур”, дедилер”.
Əзизлер, ҳəр биримиз
қоңсыларымызға жақсы мунəсибетте, ҳүрметте болайық. Аллаҳ таала халқымыз
аўызбиршилигиниң белгиси ҳəм тынышлығымыздың тыйкарғы себеплеринен
есапланған қоңсыларымыз бенен ҳурмет- иззетте болыўымызды несип қылсын!.
Әмийн!
Тақыятас районы "Муҳаммад Мурад ийшан" жаме мешити имам-хатиби Яқуб Жумамуратов