Бийпарўалық жинаятлар есиги

Бийпарўалық жинаятлар есиги
Бийпарўалық – жамийет исине бийпарўа ҳам сўыққанлық пенен жандасыуды тариплеўши руўхий иллет. “Темур тузиклери”ндеги: “Тажрийбемде кордим, қаттый қарар, тадбиркар, сезгир, батыр ҳам ғайратшан бир адам мын тадбирсиз, бийпарўа адамнан жаксырақ”, - деген созлери бўгинги кунде ҳам руўхый жақтан улкен ахмийетке ийе.
Ҳаммемизге белгили болыўы керек, қай жерде бийпарўалық хуким сурсе, енг керекли маселелер оз халына таслап койылса, сол жерде руўхыйлық ен томен ҳам зайыф ноқатқа айланады. Ҳам керисинше – қай жерде сергеклик ҳам жанкўйерлик, жоқары ақыл-сана хукимран болса, сол жерде руўхият қудретли кушке айланады. Сол манисте инсаннын руўхияты жоқарылаўы менен онын махсети кушейип барады десек, кателеспеген боламыз. Махсет бул негизинде беккем исеним дегени дур. Махсети кушли адам озине исенеди ҳам хар қандай қыйыншылық ўазийпаларды да оз мойнына алыўдан қорықпайды. Сонын ушын да жокары махсетли инсанғаў мумкин. Бундай адамлар басынызға қандай да бир қауып қатер ямаса қыйын жағдайға тусип қалсаныз, бийпарўа қарап турмайды. Ҳеш қашан екиленбестен, қасынызда турып, қолынан келгенше жардем бериўге, қыйыншылыкларды сиз бенен биргеликте жениўге харекет етеди.
Азелден белгили, бийпарўа адам душпаннан да қаўипли болады. Себеби, душпаннын ким екенлиги, негизги кориниси сиз ушын алдыннан белгили болады. Бирақ бийпарўа адамнын коринисин бир дегенде билип болмайды. Сонын ушун ол ишингизде журип, сизге қарсы тис қайрайтуғын душпанлар ушын имканиятлар жаратып береди. Бийпарўалыққа қарсы гурес, заман мамлекетлерине тезжуўаплық ҳам даўыр менен биргеликте, руўхан баркамал инсанларды тарбиялаў бул орында ен ахмиетли ўазийпадир.
Нокис қаласы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Алимов Обиджон