Ҳәзирги күнде түрли мутаассиб топарлар тәрепинен мусылманларды кафирликте айыплап атыр. Олардың «такфир»хаққында көз қараслары туўрыма?

Ҳәзирги күнде түрли мутаассиб топарлар тәрепинен мусылманларды кафирликте айыплап атыр. Олардың «такфир»хаққында көз қараслары туўрыма?

Ҳәзирги күнде түрли мутаассиб топарлар тәрепинен мусылманларды кафирликте айыплап атыр. Олардың «такфир»хаққында көз қараслары туўрыма?

Ҳәзирги күнде түрли мутаассиб топарлар тәрепинен мусылманларды кафирликте айыплап атыр. Олардың «такфир»хаққында көз қараслары туўрыма?

Яқ, мутассиб топарлардың «куфр» мәселесиндеги көз қараслары ислам таълиматларына керисинше.

Әўели, соны айтып өтиў керек, ийман инсан қәлби менен байланыслы болып, ол ихтиярлық тыйкарында қабыл қылыныўы керек, Исламның биринши арканы(фарзы) есапланған ийманды мәжбурлеп, күш пенен сиңдирип болмайды. Соның менен бирге, инсан ийманды қалб пенен тасдиқ еткенин, яғный ийманлы екенин билиў илми тек ғана Аллаҳ таълаға хас. Бул бойынша бир инсанның басқаларды иймансыз, яғный капир деп хуким шығарыўы қатты қайтарылған.

Мәлим болғанындай, «куфр» сөзи «жасырыў» деген манини билдиреди. Соныңдай, «куфр»диң «капр болмақ», «динсиз болмақ» киби мәнилери болып, ол ийманның терси есапланады. Қәлбинде улыўма ийманы болмаған шахс болса «капр» делинеди. Иймам Ғаззалий «куфр»ге таъриф берип: «Расулуллоҳ (с.а.ў) алып келген нәрсени жалғанға шығарыўдир», дегенлер.

Қәлбинде ийманы бар адамды куфрде айыплаў хам оның қанын төгиўди ҳалал санаў белгили дереклерде қатъый дәлиллер тыйкарында қадаған етилген. Мысалы, Қураны кәримде: «Хай ийман келтиргенлер! Аллахтың жолында (урысқа шықсаңыз, анықлап алың, сизлерге сәлем бергенге (ямаса тәслим болған адамға) дунья өмириниң өткинши олжасын гөзлеп: «Мөмин емессең», -демең!...» (Ниса суреси, 94-аят) делинеди.. Бул аят тафсиринде муфассирлер «сизлерге мусылманлығын билдирген кисиге мумин емессең, деп душпанлық қылмаң» дегенлер.

Ким, мусылман екенин тил менен айтып турса, соның өзи мусылманшылығына кифая қылады. Бул хаққында Усама ибн Зайдтен (р.а.) раўият қылынған хадисде күшли дәлил болып хызмет қылады: «Расулуллаҳ (с.а.ў.) бизлерди Жухайнадан бир қабийлаға жиберди. Биз оларды суўларына дейин қуўып бардық. Мен хам ансарлардан (Мадийналықлар) бир киси олардан бир кисини қуўып жетип, қоршап алғанымызда «Ла илаҳа иллаллоҳ», деди. Ансарий оннан қолын тартты. Мен болса, оны найзам менен жаралап өлтирдим. Мадинаға келип, бул хабар Набий (с.а.у.) жеткенинде, маған «Ҳай Усама, сен оны «Ла илаҳа иллаллоҳ», дегенинен кейн өлтирдиңба?» деди. Мен: «Я Расулуллоҳ, бул оны өзин сақлаў ушын айтты», дедим. Ол киси: «Оны «Ла илаҳа иллаллоҳ», дегенинен соң өлтирдиңба?» деп такрарлайберди. Тап мен (пушайман болып) сол күнге дейин мусылман болмағанымда еди, дедим»..

Буннан тысқары егер бир мусылман киси екинши мусылманды куфрде айпласа, оның ийманына зыян жетиўи мүмкин. Мысалы, Имам Бухарийдан раўыят қылынған хадисде: «Киси басқа бир мусылманды капр яки пасық десе, егер сол нарселер онда табылмаса, айтқан инсанның өзи капир яки пасық болады, делинген. Хадис мазмунынан көринип турыпты, мумин инсанды куфрде айыплау айыплаушының ийманы кетиуине алып келеди. 

Сол себептен де ийман тусиншесин жарытқан жетик уламаларымыз мәселеге өте эҳтыяткарлық пенен жандасып, ийман мәселесиндеги хәр қандай тартысыў ҳәм нызалардан өзлерин шетте сақлаўға ҳәрекет қылған.

Бугинги күнде болса өзлерине «алымлық» атағын бериўши айрым экстремистик ағым ўакиллери, мысалы, сахта салафийлер тәрепинен бул киби түсиншелерди на туўры талқын етиў натижесин де мусылман жәмийетлеринде турли ихтилаф хам низалар келип шығып атырғаны сыр емес. Олар адамлар хатти-ҳәрекети хәм дин арканларын бежериў ўақтында гүзетиў мүмкин болған жүзъий кемшиликлер себепли мусылманларды «ислам дининен шыққан», «муртад», «капир» киби жүги аўыр гүналар менен айыплап атыр.

Бырақта, Пайғамбарымыз (с.а.ў)дан бизге шекем жетип келген бир қанша саҳиҳ хадислерде инсанның гүнасы себепли диннен шықпаслығы қатты айтылған. Мысалы, Имам Абу Даўыттан раўыят қылынған хадисте Муҳаммад (с.а.ў.): «Үш нәрсе ийманның асл-негизидир: «Ла илаҳа иллаллоҳ» деген кимсеге тиймеслик, гүнасы себепли оны куфрде айыпламаслық, әмели себепли оны исламнан шығармаслық», деген еди. Буннан көринип турыпты, инсан гүна ис қылып, пасық болыўы мүмкин, бырақ мусылманшылықтан шықпайды.

Бул ҳаққында Ҳанафий мазҳабын дүзген уллы Имам Абу Ҳанийфа (р.а.)да «ал-Фикҳ ал-акбар» китабында: «Бирар мусылманды қылған гүнасы себепли капирге шығармаймыз, тап ол үлкен гунә қылсада. Шәрти оны ҳалал деп эътиқад, исеним қылмаған болса, оннан ийман атын алып тасламаймыз, оны ҳақықый мумийн деп айтаберемиз. Оны пасық мумийн деп атаў мүмкин, тек капир деп емес», деген еди.

Тақыятас районы «Сары ийшан» мешити имам хатиби Рафатдин Омирзаков