Ата-ананы ҳүрмет қылыў

Ата-ананы ҳүрмет қылыў

Ата-ананы ҳүрмет қылыў

Ата-ана перзент ушын таптырмас инсан болып, оларды ўақтында ҳурметлеп, дуўасын алып, тири ўақтында қәдрине жетип, перзентлик ўазыйпаларымызды шырайлы атқарыў ҳәр бир инсанның ўазыйпасы есапланады.
Аллаҳ таала Қураны кәримде бир неше аятларда бул ҳаккында баян қылған:
"Биз инсанды ата-анасына жақсылық қылыўға буйырдық",-деген. (Аҳқаф сүреси,15-аят).
Басқа аяты кәриймада ата-анаға жақсылық қылыўды Өзине ибадат қылыў менен бир орында келтирген: "Рәббиң тек Өзине ғана ибадат қылыўға ҳәм ата-анаға жақсылық етиўге буйырды". (Исро сүреси, 23-аят). Демек, ҳәр бир инсан ким болыўынан, өмирдеги абырой-мәртебесине қарамастан, ата-анасына жақсылық қылыўға мәжбүр.
Хәр биримиз ата-аналарымызды ҳурметлеп, тири ўақтында қәдрине жетип, дүнядан өтген болса ҳақларына истиғфар айтып, дуўа қылайық әзизлер!

Қураны кәримде: «Маған ҳәм ата-анаңа шүкир қыл…» - деген аят бар. («Луқман» сүреси, 14-аят).
   Демек, ата-анасына жаксылык қылыў ҳәм оларды  ҳурметлеў Аллаҳ тааланың буйрығы ҳәм Аллаҳ тааланың разылығына ерисип жәннетге кириў болып табылады.
 Ата-ана бул - перзенттиң Жәннетке кирер гилти, бейиштиң тутқасы. Сизиң бул өмирде жолыңыздың болыўы менен исиңиздиң оңынан келиўи, ақыретте Аллаҳ тааланың разылығын алып, ақыретиңиздиң жемисли болыўы - олардың дуўасы менен тиккелей байланыслы. Енди, ата-анаңызға ылайықлы түрде Олардың дуўасын алып, ҳурметлеп, шүкир қылың!

Тақыятас районы "Муҳаммад Мурад ийшан" жаме мешити имам-хатиби Яқуб Жумамуратов