Ағайын-туўысқанлық ҳаккында

Ағайын-туўысқанлық ҳаккында
Аллаҳ таала ағайинлик байланысларын беккем байлаўға шакырады. Бундан
ағайинлерге ҳәм қоңсыларға айрықша итибар бериўге буйырады, ҳәтте буны
ибадат дәрежесине көтереди ҳәм оны ата-анаға жақсылық қылыў менен
теңлестиреди. Қураны кәримде:
"Аллаҳға ибадат қылың ҳәм Оған ҳеш
нәрсени шерик қылмаң! Ал, ата-аналарға жақсылық қылың! Сондай-ақ,
ағайин-туўысқанларға, жетимлерге, мискинлерге, ағайин қоңсыларыңызға,
ағайин емес қоңсыларыңызға, қасыңыздағы жолдасларыңызға, жолаўшыларға
(мүсәпирлерге) ҳәм қолыңыз астындағыларға (жақсылық қылың)!
Әлбетте, Аллаҳ тәкаббыр, мақтаншақты жақсы көрмейди".
(Ниса сүреси, 36-аят).
Ағайин-туўысқанлық байланысларын беккемлеў ислам дининде "силаи раҳм"делинеди ҳәм динимиз мусылманларды ҳәмме ўақыт силаи рәҳмге буйырған.
Ағайин-туўысқанлық байланысларын беккемлеў - уллы ибадатлардан.
Умар ибн Динар былай деген екен:
"Парызды орынлаў ушын қойылған қәдемнен кейинги ең саўаплы қәдем бул -
ағайин-туўсқанлықты байлаў ушын қойылған қәдем. Буның саўабы жүдә үлкен
болып, ол бул дүньяның өзинде ақ бериле баслайды, ақыретке де алып
қойылады.
Бул ҳаққында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деген:
"Саўабы ең тез берилетуғын әмел - ағайин-туўысқанларға жақсылық етиў", деген.
Азизлер! Өмримиз даўамында силаи раҳм байланысларын беккемлеў бас мақсетлеримизден болсын!
Тақыятас районы "Муҳаммад Мурад ийшан" жаме мешити имам-хатиби Яқуб Жумамуратов