2024-ЖЫЛ УШЫН ЗӘКАТ, ПИТИР ҲӘМ ФИДЯ МУҒДАРЫ

2024-ЖЫЛ УШЫН ЗӘКАТ, ПИТИР ҲӘМ ФИДЯ МУҒДАРЫ

2024-ЖЫЛ УШЫН ЗӘКАТ, ПИТИР ҲӘМ ФИДЯ МУҒДАРЫ

 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайының миләдий 2024 / ҳижрий 1445-жылғы Рамазан айы ушын зәкат нысабы бойынша қарары қабыл етилди, оған муўапық:

☪️ ЗӘКАТ: Рамазан айы ушын алтын баҳасының зәкат нысабы 40.000.000 (қырық миллион) сўм етип белгиленди.

Демек, кимде зәрүрий мүтәжлигинен тысқары 40 000 000 (қырық миллион) сўм ҳәм оннан артық пул қаржысы ямаса усы баҳадағы саўда малы болса, жәми қаржысының қырықтан бири (2,5 пайызы)н зәкат нийетинде ҳақылыларға береди.

☪️ ПИТИР:

Питир садақасының муғдары төмендегише белгиленди:

— бийдайдан - 14 000 (он төрт мың) сўм;

— арпадан - 20 000 (жигирма мың) сўм;

— кишмиштен - 110 000 (бир жүз он мың) сўм;

— қурмадан - 180 000 (бир жүз сексен мың) сўм деп белгиленди.

Ҳәр ким жағдайына қарап усы төрт өнимниң қәлеген түринен питир садақасын бериўи мүмкин.

☪️ ФИДЯ: Фидя муғдары питир садақасының муғдары менен бирдей болады. Ҳәр ким жағдайына қарап усы төрт өнимниң қәлеген түринен питир садақасын бериўи мүмкин.

Дерек: paziylet.uz