ЖАСЛАРЫМЫЗДЫ ЗЫЯНЛЫ ТӘСИРЛЕРДЕН САҚЛАЙЫҚ

ЖАСЛАРЫМЫЗДЫ ЗЫЯНЛЫ ТӘСИРЛЕРДЕН САҚЛАЙЫҚ
Балалар тәрбиясы ата-аналардың ең жуўапкерли ҳәм узақ даўам ететуғын миннетлери есапланады. Басқа миннетлер айрым бир ислерди қылыў менен таўсылса, перзент тәрбиясы даўамлы болатуған исдур. Негизинде ата-ананың усы перзентти Аллаҳ таала оларға бергени ушын қылатуғын шүкирлери де усы перзентти тәрбиялаўдай үлкен исти мойынларына алып, жуўыпкершиликли ҳалда атқарыўлары менен болады.
Тәрбияның бир бөлеги балаға жақсы әдеп үйретиўдур. Әдеп бул – мақтаўға ылайық сөз ҳәм әмеллерди қылыў, уллы хулқларды услаў, өзиңнен үлкенлерди ҳўрметлеп, кишилерди иззет қылыў, ҳтб. Усы ҳәм буған уқсас тәрипелер гөзленген әдепке тәрип бола алады. Тәрбия ҳәм әдеп мәселесинде биринши нәўбетте ата-ана өз балаларын өрнек болыўы керек. Соның ушын да ата-ана балаларына ҳәмме ўақыт жақсы ҳәм гөззал өрнек болыўлары лазым. Ҳәмме жақсы сыпатларын көрсетип, жаман сыпатлардан узақта болыўы керек. Ата-ана балаларына жақсы сыпатларда өрнек болыўы менен бирге, оларға әдеплерди қунт пенен, зерикпестен алып барыўлары зәрүр. Себеби ата-ананың перзентлерге беретуғын нәрселериниң ишинде ең қымбатлысы ҳәм зәрүри әдепдур. Перзент әтирапта болып атырған ўақыя-ҳәдийселерге, өзгерислерге қатнаслылық руўхта тәрбияланыўы тийис.
Ҳәдиси шәрийфте:«Перзентлериңизди ҳүрметлең ҳәм олардың әдебин гөззал қылың», - дедилер», деп айтқан.
Бала ата-анасы алдындағы аманат болып, оның қәлби таза гәўҳардай болады. Ол ҳәр қандай нақышты қабыл етеди. Егер ол жақсылыққа үйретилсе, жақсы болып өседи. Усындай тәрбиялағаны ушын, оның саўабыата-анасына ҳәм тәрбияшыларына болады. Ата-ана баланы кишкенелигинен гүзетип барыўы керек. Балада пайда болатуғын жаман сыпатлардан бириншиси аўқатқа өшлик. Соның ушын ата-ана балаға аўқатланыў әдебинен тәлим бериўи лазым. Бийҳуўда нәрселерден баланы сақлап, ата-бабаларымыздан даўам етип киятырған миллий әдеп-икрамлық сабақларын бериў керек. Баланың бир жаман ис қылғаны сезип қалынса, оның айыбын ҳәммениң алдында әшкар қылмаў керек, ҳеш кимге билдирмей әке тәрептен жазаланыўы, адамлар билип қалса уят болыўы түсиндирилиўи керек. Бирақ жаза көбейтирилип жиберилмеўи керек, себеби бул баланың бетиниң қатып кетиўи алып келеди. Әке баланың алдында өзиниң әкелик дәрежесин сақлап турыўы керек. Ана болса, баласын әкеси менен ескертип турыўы керек. Күндизи ҳәм биймәҳел уйқылаўға баланы әдетлентирмеў керек. Бунда ол ериншекликке үйренип қалыўы мүмкин.
Тәрбияның екинши бөлими бул балаға тәлим бериўдур. Илим болса бир нәрсени ҳақыйқатта қандай болса, исеним менен сондай түсиниўдур. Илим үйрениў ҳәр бир адам ушын парыздур. Демек ҳәр бир адам илим талап қылыўды өзи ушын парыз деп билиў керек. Илим бесиктен қәбирге шекем талап қылынады.
Тәрбияның үшинши бөлеги бул дене шынығыўыдур. Ҳәзирги күнимизде саламатлықты сақлаў, кеселликке ушырамаўлық ушын, дене тәрбиясы қаншелли әҳмийетли екенин ҳәмме түсинип жеткен. Үлкен-киши иләжи барынша дене тәрбиясын қылыўға ҳәрекет қылады. Буған айнықса раўажланған мәмлекетлердиң халықлары жүдә берилген. Ҳәммениң күшли, епшил, саламат ҳәм кеселликлерге шыдамлы болғысы келеди. Буның ушын болса, дене тәрбиясы менен шуғылланыў лазым. Соның ушында ата-аналарға балаларының дене тәрбиясына айрықша итибар бериў ўазыйпасы жүклетилген. Жаслық дәўири инсан ушын берилген илаҳий неъматлардан бири болып, инсан бул неъматқа шүкирлик етиўи, бунда ҳасла нашүкир болмаўы зәрүр есапланады. Ал, ҳәр бир неъматтың шүкирлиги неъмат бериўши Затқа мақтаў сөзлерин тил менен айтып, қәлби менен тастыйықлаў ҳәм ең әҳмийетлиси, берилген неъматты неъмат бериўши Затты разы қылатуғын тәризде ис етиў менен жүзеге шығады.
Жасларды жолдан азғыратуғын шайтан малайларынан ең қәўиплиси нәпси бәлеси есапланады. Бул нәпси бәлеси жасларды - жигитлерге қызлар менен, қызларға жигитлер менен напәк байланыслар орнатыўға, соның менен бирге, шегиў, ишиўшилик, нәшебентлик сыяқлы апатшылыққа алып баратуғын жолларға баслайды. Сондай-ақ, жасларды қумарпазлық, бузғыншы ҳәм тегин тамақ болыўға шақырады. Демек, барлық жасларымыз, жигит ҳәм қызларымыз нәлетленген шайтанның «нәпси бәлеси» атлы малайынан абайлы болыўы керек.
Жасларды жолдан азғыратуғын шайтан малайларынан және бири жаман дослар есапланады. Жасларымыз өзлерине дос таңлаўда жүдә абайлы болыўы, ойлап ис алып барыўы керек. Олар билип-билмей бузық адамлар менен досласып қалмасын, жаман достың кесири тийетуғыны турған гәп.
Жасларды жолдан адастыратуғын шайтан малайларынан және бири бузық жолларға шақырыўшы динлер, жат ағым ҳәм топарлар есапланады. Ҳәзирги күнлери шайтанның бул түрдеги малайлары да жүдә көбейген. Олар түрли мәмлекетлер, үлкелер ҳәм журтларға ҳәр тәрептен ҳәр қыйлы жылтырақ атамалар ҳәм шақырықлар менен кирип келмекте. Айырым сада жаслар олардың торына түсип қалып, өзлериниң, ата-аналары, шаңарақ ағзалары, ағайин-туўғанлары ҳәм жақынларының жүзин төмен қаратыўға себеп болмақта. Бундай жаўыз күшлерден жасларымыз ҳәр демде абайлы болып турыўы, өзлигин, миллетлерин умытпаўы керек.
Нокис қаласы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты 3-курс талабасы Баҳодирхонов Икромхон