Тынышлықты қəдирлеў уллы пазыйлет

Тынышлықты қəдирлеў уллы пазыйлет
Тынышлық ҳəм татыулық Алла тааланың инсаниятқа берген уллы ғəзийнеси
есапланады. Мəмлекетимиз ғəрезсизликке ерискеннен баслап тынышлық-татыулық мəмлекетимиз
сиясатының ең əҳмиетли жөнелислеринен бирине айланди. Өзбекистан өз аймағында
тынышлықты тəмийнлеўге тосқынлық шыгарып атырған машқалаларды шешиўде жетекши мəмлекетке
айланды.
Бəрше динлерде болганындай мүбəрек Ислам динимизде тынышлық-параўанлық мəселеси
айрықша орын иелейди.
Алла таала уллы қылып жаратқан инсан өмири ушин ең зəрур нематлар (инамлар)
дан бири тыныш-татыулық есапланады.
Қурани Кəримде сондай делинеди:
“Oл менен Алланиң рызасын табыуға
талпынланғанларды (Oл) тынышлық ҳəм саламатлық жолларына жоллап, өз қəлеўи
менен оларды зулматлардан (қарəғылықлардан) нурға шығарады ҳəм туўры жолга ҳидаят
қылады”
“Моида” сүреси 1-6-аят.
Көплеген ҳəдиси шəриплерде мусылманлар өз-ара ақиллиқ ҳəм кеңпейилликте,
бир жағадан бас шығарыуы ескертилип, кекликтен қайтарылған. Пайғамбарымыз
саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Мусылман
киси бир мусылман кисини қорқытыуы ҳарам есапланады”. Басқа рəуиятта болса:
“Ким мусылман кисиге наҳақ қорқытыушы көзқарас
пенен қараса, ондай адамды Алла таала қиямет күнинде қорқытады”, деп
ескерткен. (Имам Табараний раўияты).
Бүгинги күнде түрли терроршылық ҳəрекетлерин əмелге асыырып пүткил жер
жүзин тəшуишке салып атирған “Ирақ ҳəм Ислам мəмлекети (ИШИМ)” тəрепдарларының
алып барып атырған бəрше ис-ҳəрекетлери əйне муқəддес динимиз көрсетпелерине
қарсы қаратылған болып есапланады. Ислам дини жəмиет өмирине қəуип салатуғын бəрше
қəуип-қəтерлерден ескертеди. Қорқытыу, зулым қылыу, бузғыншылық қылыуға
тийкарланған ҳəр қандай пикирге қарсы гүресиўге шақырады.
Бүгинги күнде түрли терроршылық ҳəрекетлерин əмелге асыырып пүткил жер
жүзин тəшуишке салып атирған “Ирақ ҳəм
Ислам мəмлекети (ИШИМ)” тəрепдарларының алып барып атырған бəрше ис-ҳəрекетлери
əйне муқəддес динимиз көрсетпелерине қарсы қаратылған болып есапланады. Ислам
дини жəмиет өмирине қəуип салатуғын бəрше қəуип-қəтерлерден ескертеди.
Қорқытыу, зулым қылыу, бузғыншылық қылыуға тийкарланған ҳəр қандай пикирге
қарсы гүресиўге шақырады.
Алла таала Қурани Кəримниң бирнеше аятларында жақсы ислерге, өз-ара
тынышлық-татыулыққа буйырады, жаўызлық ҳəм зулымнан қайтаради.
“Әлбетте, Алла əдилликке, жақсы
ислерге ҳəм ағайин-туўысқанларға жақсылық қылыуға буйырады ҳəмде бузғыншылық,
жаўыз ислер ҳəм зулымнан қайтарады. Еслетпе аларсыз деп (oл сизлерге ҳəмме
ўақыт) нəсият қылады”.
“Нəҳл” сүреси 90-аят.
Бул аятта адамларға жақсылық ҳəм ҳүрмет иззет көрсетиўге, жақсы əмеллерде
бир-бирине жəрдемлесиўге, жаман ниетли ҳəм даў-жəнжеллерден шетлениўге
буйырмақта. Ҳəдиси шарипте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
“Ким өз бирадарына темир бөлеги
менен оған силтесе де, периштелер (oл нəрсени қоймағанша) оны лəнетлеп
турады. Йегер ол өзиниң ата-анасы бир аға-ини болса да”, деген (Имам Муслим
ҳəм Имам Термизий рəуияты).
Усы ҳəдисте биреўге зулым қылыу, қан төгиў ол жақта турсын, ҳəттеки темир бөлеги
менен болса да биреўге силтеп көрсетиўге болмайтуғыны ҳаққында сөз бармақта.
Жоқарыдағы дəлиллерден динимиздиң тынышлыққа итибары қəншелли дəрежеде жоқары
екенин билсек болады.
Бүгинги қурамалы бир дəуирде инсаният тынышлық, аманлық нематлары
(инамлары) қəншелли үлкен əҳмиетке ие екенлигин терең түсинип жетиўи керек. Дин
байрағы астында талаўшылық ҳəм басқыншылық, террор ҳəм қопарыушылық қылып,
инсаниятқа ҳəр тəреплеме зыян жеткизип атырған ҳəрекетлер дүняда жəмиетлик
тынышлықты изден шығарыуға, миллетлер ҳəм динлер арасында душпаншылық,
миллетшилик ҳəм диний айырмашылық кейпиятларының келип шығыуына түбир болмақта.
Журтбасшымыз айтқанындай “...сергек болып жасаў – бул бир күнлик яъки бир
айлық мəусимий мəселе емес, бəлки күнделик ис, күнделикли əмелий ҳəрекет болыуы
лазым”. Сол орында дин жанкүйерлери, имам-хатиблер ҳəм диний шөлкем мудəррислери
(оқытыушы) ҳəммемиз алдымызга анық мақсетлерди қойған ҳалда, усы əзиз Ўатан,
усы уллы халық тəгдирине жуўапкершилик сезимин жүрекке сиңдириўимиз лазым.
Нөкис
қаласи Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўли ислам билим журти талабаси Зиннуллаев Олтинбек