ПУҚАРАЛАРЫМЫЗ УМРА ЗЫЯРАТЫНАН ЕЛИМИЗГЕ ЖЕТИП КЕЛДИ

ПУҚАРАЛАРЫМЫЗ УМРА ЗЫЯРАТЫНАН ЕЛИМИЗГЕ ЖЕТИП КЕЛДИ

ПУҚАРАЛАРЫМЫЗ УМРА ЗЫЯРАТЫНАН ЕЛИМИЗГЕ ЖЕТИП КЕЛДИ





Инсан ѳмири даўамында кеминде бир мǝрте Умра зыяраты ибадатын өтеўи сүннети муаккада есапланады. Умра зыяраты ибадатын жылдың қәлеген ўақтында өтеў мүмкин. Яғный Умра қылыў ушын әйне қандай да бир ўақыт белгиленбеген. Бирақ, бес күнде – арафа күни, қурбан ҳайты ҳәм оннан кейинги үш күнде Умра зыяратын ǝмелге асырыў мǝкруҳи таҳримий болады. Себеби, бул күнлер ҳаж әмеллери орынланатуғын күнлер.
Умра зыяраты ибадаты ушын ең абзал ўақыт Рамазан айы есапланады.






Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Умрашылар да ҳажылар сыяқлы Аллаҳ тааланың “мийманы” болыў шарапатына ийе болыў хабарын берген:
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ҳажылар ҳәм Умрашылар Аллаҳтың мийманлары, егер Оған дуўа қылса дуўаларын қабыл етеди, Оннан мағфират сораса оларды мағфират етеди”, Ибн Мажа рәўият еткен.






     Мине, жоқарыда айтып ѳткенимиздей республикамыздан Умра зыяратын ѳтеў ушын кеткен зыяратшыларымыздың екинши топары бүгин елимизге жетип келди.
Оларды Нѳкис халықаралық аэропортынан Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ўǝкиллери, Ал-Беруний ислам билим журты оқытыўшылары, талабалары, ғалаба хабар қураллары ҳǝм зыяратшылардың ағайин-туўысқанлары күтип алды.
Зыяратшылар ушын Жидда, Мадина ҳǝм Мәккә қалаларындағы қолайлықлар, мийманханалардағы шараятлар, улыўма зыяратшылар ушын имканиятларды жоқары дǝрежеде шѳлкемлескенин толқынланып айтты ҳǝм усындай имканиятларды жаратыўда жақыннан жǝрдем берген инсанларға ѳзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Телеграм каналимиз: @adep_uz
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

 Telegram  | Instagram  | Facebook  | YouTube

🌎 Интернет веб-сайтимиз: 👉 adep.uz